Олий Мажлис Сенатының отыз тоғызыншы жалпы мәжилиси жуўмағына жетти. Мәжилисте 16 мәселе көрип шығылған болса, соннан 10 ын нызамлар қурады.

Көрип шығылған барлық нызамлар сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), Сыртқы ислер министрлигиниң жумысына байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Музей экспонатлары ҳәм коллекцияларын сақлаў ҳәм олардың қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары бойынша Мәдений мийрас агентлигине парламентлик сораў жиберилди.

Сенаттың Аралбойы регионында экологиялық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм заманагөй инновациялық технологияларды кеңнен қолланыў бойынша белгиленген ўазыйпалардың орынланыўына байланыслы қарарының орынланыўына баҳа берилди.

Жоқары суд қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сенат Кеңесиниң қарарлары да тастыйықланды.

Усының менен Сенаттың жалпы мәжилиси жуўмағына жетти.

ӨзА