Жаңаланып атырған Конституцияға арналған үгит-нәсият илажлары Шымбай районындағы шанарақлық поликлиникада да болып өтти.
Онда Халық депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзасы Т.Палваниязова, үгит-нәсият топары ағзалары ҳәм медицина тараўы ўәкиллери қатнасты.
Илажда Конституцияға киргизилип атырған концептуал өзгерислер туўралы мағлыўматлар берилип, пуқараларымыздың абаданлығын тәмийинлеўдеги әҳмийети атап өтилди. Атап өтилгениндей, халық кепилленген бийпул медициналық хызметлерден пайдаланыўы да жойбарға киргизилген. Улыўма жойбарда халықтың саламатлығын беккемлеўге байланыслы нормалар 4 есеге көбеймекте.
Бул халықтың денсаўлығын исенимли қорғаў, аналар ҳәм балалар өлими, жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм сапластырыўда жүдә зәрүрли әҳмийетке ийе.
Өзбекстан социаллық мәмлекет, деп жәрияланбақта. Мәмлекеттиң социаллық миннетлемелерине байланыслы нормалары дерлик үш есеге артпақта. Тийкарынан, пуқаралардың социаллық жақтан мүтәжлиги бар топарлары турақ жай менен тәмийинлениўи, мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдары инсанға мүнәсип жасаўын тәмийинлеўин есапқа алған ҳалда белгилениўи, пуқаралардың медициналық жәрдемниң кепилленген көлемин мәмлекет есабынан алыўға ҳақысы барлығы ҳәм басқалар белгиленбекте.
Ушырасыўда медицина тараўы ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги