Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң көркем өнер факультети студентлери арасында «Референдум ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Р.Джумамуратов, Ташкент юридика университетиниң доценти Р.Матенов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы жойбары туўралы кең түрде мағлыўматлар берилип, оның мазмуны ҳәм әҳмийетине кеңнен тоқтап өтилди.

Атап өтилгениндей, Конституция жойбарындағы жаңадан киргизилип атырған өзгерислердиң мәмлекетимиз ҳәм халқымыздың турмысын жақсылаўдағы тутқан орны үлкен. Атап айтқанда, пуқаралардың турақ жай менен тәмийинлениў мәселеси, мийнетке ҳақы төлеў, сондай-ақ, Аралбойы регионының экологиялық системасын қорғаў мәселелери жойбардан орын алған.

Конституция жойбарында жаслар мәселелерине де айрықша итибар қаратылған. Мәселен, мәмлекет жаслардың ҳуқықларының қорғалыўы  ҳәм олардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын хошаметлеўди кепиллемекте, оларда қәдириятларымызға садықлық, ўатансүйиўшилик сезимлерин қәлиплестириўге ғамхорлық етиўи белгиленбекте.

Буннан тысқары, жаслардың билим алыўы, социаллық ҳәм медициналық жақтан қорғалыўы, турақ жайлы болыўы, бәнтлиги ушын шараятлар жаратыў – мәмлекеттиң конституциялық миннети сыпатында киргизилмекте.

Ушырасыўда референдум туўралы студент-жасларға түсиниклер берилип, пикир-усыныслары тыңланды.


Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги