Усы жыл 6-апрель күни Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте 1-Қарақалпақстан округи аймағында референдум өткериўши участкалық комиссия ағзаларының қурамын тастыйықлаў мәселеси көрип шығылды.

Мәжилисти 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының баслығы У.Жалменов ашты ҳәм басқарып барды.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2022-жыл 28-июньдағы тийисли қарары менен тастыйықланған «Референдум участкалары ҳәм референдум өткериўши участкалық комиссиялар ҳаққында»ғы Режеде участкалық комиссия ағзаларына қойылатуғын талаплар белгиленген.

Оған муўапық, жигирма бир жасқа толған орта ямаса жоқары мағлыўматқа, қағыйда тәризинде, сайлаў ҳәм референдумға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша тәжирийбеге ҳәм халық арасында абырайға ийе пуқаралар участкалық комиссияның ағзалары болыўы мүмкин.

Референдум өткериўши басқа комиссиялардың ағзалары, сиясий партиялардың ағзалары, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, прокуратура уйымларының, судлардың лаўазымлы шахслары, пуқаралардың инталы топарының қурамына киретуғын адамлар участкалық комиссияның ағзасы болыўы мүмкин емес. Сондай-ақ, участкалық комиссияның ярымынан көбиси бир шөлкемнен усыныс етилиўи де мүмкин емес. Олардың қатарына Өзбекстан Республикасының сырт мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында, әскерий бөлимлерде, санаторийлерде, дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда, басқа стационар емлеў мәкемелеринде, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында шөлкемлестирилген участкалық комиссиялар кирмейди.

Усы Режениң 11-бәнтине муўапық, халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслери референдумды белгилеў ҳаққындағы қарар жәрияланғаннан соң жигирма күннен кешиктирмей пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен билдирилген усынысларды өз мәжилислеринде регламентте белгиленген тәртипте додалайды.

Өзбекстан Республикасы референдумын өткериўши участкалық комиссиялардың ағзалығына талабанлар халық депутатлары Нөкис қалалық ҳәм барлық районлық Кеңеслердиң тийисли сессияларында додаланып, тастыйықлаў ушын референдум өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясына усынылды.

Мәжилисте халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен референдум өткериўши участкалық комиссиялардың ағзалығына усыныс етилген талабанлар 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының тийисли қарары менен тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы референдумына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша районларда әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша 1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының ағзалары О.Дуйсенбаев ҳәм Г.Қалмуратовалардың мәлимлемелери тыңланды. Сондай-ақ, режеге муўапық әмелге асырылатуғын илажлар додаланды.







1-Қарақалпақстан округлик комиссиясының Баспасөз орайының мағлыўмат бериўинше, 1-Қарақалпақстан округи аймағында дүзилген референдум өткериўши 653 участкаға улыўма 7 мың 931 комиссия ағзасы тастыйықланды. Участкалық комиссия ағзаларынан 6 мың 174 и алдын сайлаўларда қатнасқан болса, 1 мың 757 си биринши мәрте усындай сиясий процессте қатнаспақта. Олардың 4 мың 633 и халық билимлендириў, 294 и жоқары билимлендириў ҳәм 1 мың 817 си мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң хызметкерлери болса, 816 сы өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳәм басқа да мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери болып табылады. Участкалық комиссиялардың ағзалары арасынан 216 сы ҳуқықтаныўшы, 619 ы шыпакер, 308 и инженер, 296 сы экономист, 4 мың 988 и педагог, 28 и журналистлер ҳәм басқа кәсип ийелери есапланады. Соның менен бирге, комиссия ағзалары қурамында қарақалпақ, өзбек, қазақ, тәжик, корейс ҳәм басқа да миллет ўәкиллери бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги