Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекет университетинде “Жасларға ғамхорлық етиў мәмлекет ҳәм жәмийеттиң миннетлемеси” атамасында студент жаслар менен Өзбекстан Республикасы Конституциясына киргизилип атырған өзгерислерди түсиндириўге арналған үгитнәсият илажы болып өтти.

Онда халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты, ӨзХДП депутатлық топары ағзасы Қ.Қалхоразов, Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республика Кеңесиниң бөлим баслығы Н.Кышанов Өзбекстан Республикасының Тийкарғы нызамындағы жаңа өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында мағлыўмат берди.

Ушырасыў даўамында бул өзгерислердиң мазмун-мәниси, билимлендириўдиң раўажландырыў ҳәм жаслар турмысына байланыслы зәрүр мәселелерге айрықша тоқтап өтилди. Жаңа редакциядағы Конституциямызда жәмийеттиң барлық қатламларының мәплери инабатқа алынған болып, инсан ҳуқықлары менен  еркинликлерине байланыслы нормалардың артыўы нәзерде тутылған. Өз гезегинде мәмлекеттиң де халық алдындағы миннетлемеси бир неше есеге артыўы нәзерде тутылған. Себеби, Конституция жойбарын ислеп шығыўда “Инсан мәпи ҳәр нәрседен үстин” деген принцип тийкар етип алынбақта.

Илажда сөзге шыққанлар жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында мағлыўмат берип, барлық тараўлардағы өзгерислерде Конституциямыз шын мәнисте “Халық Конституциясы” болып баратырғанлығын, мәмлекетлик сиясаттағы өзгерислер, билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, Конституциялық ҳуқықлар менен еркинликлердиң кеңейтилип атырғанлығы, жаслардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасын қоллап-қуўатлаў кепилленип атырғанлығын атап өтти. Соның ишинде, жаслардың билим алыўы, социаллық ҳәм медициналық жақтан қорғалыўы, турақ жайға ийе болыўы, бәнтлиги ушын шараятлар жаратыў – мәмлекеттиң конституциялық миннетлемеси сыпатында киргизилмекте.

Бул нормалар, тек ғана жаслар мәпи болып қалмастан, ал пүткил жәмийетимиз ҳәм мәмлекетимиздиң келешеги ушын әҳмийетли болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги