Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилиси болып өтти. Онда референдумға таярлық көриў процесслери, атап айтқанда, референдум өткеретуғын округлик комиссияларды дүзиў мәселеси көрип шығылды.

– Усы жылдың 30-апрель күни болып өтетуғын «Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық нызам жойбары бойынша референдумды өткериў бойынша қызғын таярлық көрилмекте, пуқаралар өзлериниң сиясий ҳуқықларынан пайдаланыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта, – деди мәжилисти кирис сөз бенен ашқан Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев. – Орайлық сайлаў комиссиясының усы жылы 16-марттағы мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақларында 14 референдум округи дүзилген еди. «Өзбекстан Республикасының референдумы ҳаққында»ғы нызамға бола, референдум өткеретуғын округлик комиссия референдумды белгилеў ҳаққындағы қарар жәрияланғаннан кейин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен он күннен кешиктирместен комиссия баслығы, баслықтың орынбасары, хаткеринен ҳәм комиссияның басқа да ағзаларынан ибарат қурамда дүзиледи. Округлик комиссиялардың тийкарғы ўазыйпасы аймақта референдумға барлық таярлық жумысларын шөлкемлестириўден ибарат.

Мәжилисте Референдум өткеретуғын округлик комиссияларды дүзиў мәселеси бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы баслығының орынбасары Баҳром Қўчқоров баянат жасады.

– Референдум өткеретуғын округлик комиссиялардың ағзалығына талабанлар дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң мәжилислеринде ҳәр тәреплеме додаланды ҳәм тастыйықлаў ушын Орайлық сайлаў комиссиясына усынылды. Нызамға муўапық округлик комиссиялардың қурамына сайлаўлар ҳәм референдум өткериў бағдарында жумыс тәжирийбесине, халықтың арасында абырай-мәртебеге ийе болған пуқаралар, соның ишинде, ҳуқықтаныўшылар, экономистлер, педагоглар, шыпакерлер, инженерлер, журналистлер ҳәм басқа да кәсип ўәкиллери киргизилген. Референдум өткеретуғын округлик комиссиялар жәми 266 ағзадан ибарат болып, гендер теңликке айрықша итибар қаратылған ҳалда 112 си, яғный 42 проценти ҳаял-қызлардан ибарат қурамда дүзилди. Округлик комиссиялардың басшы (баслық, баслықтың орынбасары ҳәм хаткер) лаўазымларында ҳаял-қызлар 38 процентти қурамақта. Дәслепки мәрте округлик комиссиялардың басшығылына еки ҳаял-қыз тастыйықланды. Сондай-ақ, округлик комиссиялар қурамында майыплығы болған шахслар 5 процентти қурамақта. Комиссиялар ағзаларының 6 проценти жаслар ўәкиллери, 58,3 проценти 31 жастан 50 жасқа шекемги пуқаралардан ибарат.













Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде референдум өткеретуғын 14 округлик комиссияны дүзиў ҳаққында қарар қабыл етилип, олардың қурамлары тастыйықланды.

Сондай-ақ, мәжилисте сайлаў ямаса референдум участкасын анықлаў ҳәм өзгертиў бойынша интерактив хызметти енгизиў ҳәм комиссия жанындағы оператив мәлимлеме бериў орайының жумысын жолға қойыў мәселелери додаланды. Атап өтилгениндей, референдум процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўде ҳәм референдумда даўыс бериўши пуқараларға қолайлықлар жаратыў мақсетинде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы референдум участкасын анықлаў ҳәм өзгертиў бойынша интерактив хызмет көрсетиў тәртибин енгизиў илажлары белгилеп алынды.

Пуқараларға референдумды өткериўге байланыслы мәселелер бойынша жедел ҳәм қолайлы тәризде ҳуқықый түсиник ҳәм мәсләҳәтлер бериў, олардың референдум нызамшылығы бойынша хабардарлық дәрежесин, ҳуқықый мәдениятын арттырыў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы жанында жедел мәлимлеме бериў орайы дүзилди.

Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының тийисли қарарлары қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы