Республикамыздың ҳәр бир аймағына гөззал бәҳәр тәбияты менен бирге жаңаланыў ҳәм жасарыў мәўсиминде Наўрыз байрамы қуўанышлары да кирип келмекте.

Байрам мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы 17-санлы улыўма билим бериў мектебинде сүмелек сейили өткерилди. Онда “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының орынбасары Ш.Төрешова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Г.Айымбетова, Нөкис қалалық Кеңесиниң депутаты А.Абдреймовалар шығып сөйлеп, жыйналғанлардыулыстың уллы күни Наўрыз байрамы менен қутлықлады. Усы мектепте партия басланғыш шөлкеми ағзаларының бир нешше жыллардан берли биргеликте алып барып атырған унамлы жумыслары айрықша атап өтилди.

Быйылғы байрамда да басланғыш шөлкем ағзаларының басламасы менен Наўрыздың тийкарғы тағамларынан бири есапланған сүмелек қайнатылып, көп миллетли елимизге тынышлық, халқымызға абадан турмыс, жасларымызға бахытлы келешек, халық ийгилиги жолында ислеп атырған жумысларында табыслар тиледи. Усы күни нураный ата-аналарымызға, басланғыш шөлкемниң белсендилерине естелик саўғалары тапсырылды. Илаж миллий қосықлар ҳәм ойын-заўықлар менен узақ даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги