Усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап физикалық шахслар балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша тек ғана Мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына мүрәжат етеди.
Бул тәртип Министрлер Кабинетиниң “Балаларды мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қабыл етиў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң административлик регламентин тастыйықлаў ҳаққында”ғы қарарында көрсетилген.
Жолламалар мәкемелерде орынлар босаған күни нәўбет бойынша рәсмийлестириледи. Бунда жеңилликли түрде дизимге киргизилгенлер биринши гезекте рәсмийлестириледи.
Балаларды бақшаға қабыллаў бойынша мәмлекетлик хызмет бийпул әмелге асырылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.