Нөкисте улыўма орта билим бериў мектеплериниң әмелиятшы психологларына әмелий, методикалық жәрдем көрсетиў, олардың жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде оқыў семинары шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Халық билимлендириў министрлиги, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикалық басқармасы менен биргеликте өткерилип атырған семинарда республикамыздың барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң психологлары қатнаспақта.

Семинардың биринши күни Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайында өткерилип, орайдың жетик қәнигелери, профессор ҳәм оқытыўшылары, тәжирийбели психологлар семинар қатнасыўшыларына «Психологтың ата-аналар ҳәм педагоглар менен ислесиўиҮ концепциясы ҳәм технологиялары» темасы бойынша заманагөй ҳәм нәтийжели бағдарларды, ислесиў усылларын турмысқа енгизиў ҳаққында кең түрде түсиник берди. Оқыў даўамында тек ғана теориялық емес, ал, әмелий шынығыўлар, үйренилген билимди тиккелей әмелиятта қолланыўды үйрететуғын анық бағдарламалардан пайдаланылды. Баянатлар оқылып, шеберлик сабақлары өткерилди.

Республикамыздың билимлендириў системасында жумыс ислейтуғын психолог қәнигелерге оқыўшы-жаслар менен ислесиў, жумыстағы бар машқалаларды сапластырыўдың нәтийжели ҳәм интерактив усылларынан пайдаланыў, бул бағдардағы илажларды және де жоқары басқышқа көтериў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, мәсләҳәтлер берилди.



-Елимизде жоқары тәжирийбели, билимли кадрларды таярлаў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Усы мақсетте шөлкемлестирилген семинарымыз үш күн даўам етеди, -дейди Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының үлкен оқытыўшысы А.Арзиев. – Онда шаңарақ, мектеп, ата-ана менен ислесиў бойынша көплеген психологиялық сабақлар өттик.

– Илаж даўамында көплеген мағлыўматларға ийе болдым. Психологлардың ата-аналар ҳәм педагоглар менен ислесиў концепциясы ҳәм технологияларын үйрендик. Семинарда өзин-өзи раўажландырыў, өзиниң қәте-кемшиликлерин түсинип жетиў, кәсибин сүйиў, психологиялық саламатлық сыяқлы түсиниклер бойынша билимлеримизди арттырдық. Келешекте профессионал психолог болып жумыс алып барыўымда усындай семинарлардың әҳмийети үлкен, -дейди Қанлыкөл районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 7-cанлы улыўма орта билим бериў мектебиниң әмелиятшы психологы З.Қайыпназарова. – Семинарда тренерлеримиз Маслоу пирамидасын, Эриксон ҳәм Элконинниң пикирлерин, Аль Фарабийдиң шығармаларын өзлеримизге жумыс ислеў даўамында бағдарлама етип алыўымызды усыныс етти.

Семинар даўамында психологлар өз-ара тәжирийбе алмасып, кәсиплик билимин ҳәм тәжирийбелерин арттырды. Өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы