Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардың экономикасы, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў мақсетинде Әндижан ўәлаятына жөнеп кетти.
Сапар даўамында санаат кәрханалары ҳәм жаңа турақ-жайларды көзден өткериў, жасларға кәсип үйретиў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жумыслары менен танысыў режелестирилген.
Мәмлекетимиз басшысы Ферғана ҳәм Наманган ўәлаятларында да болады.
ӨзА