Савицкий музейиниң дүрданалары Флоренциядағы белгили Уффици галереясында көрсетиледи
Ояныў дәўири дүнья көркем өнериниң дүрданалары жәмленген Флоренциядағы белгили Уффици галереясында 2024-жылы Нөкистеги Савицкий музейиниң коллекциясындағы шығармалар көргизбеси көрсетиледи. Бул бағдарда галерея ҳәм Өзбекстан мәденияты менен көркем өнерин раўажландырыў қоры арасындағы меморандумға қол қойылды.
Савицкий музейиниң дүрданалары Флоренциядағы белгили Уффици галереясында көрсетиледи. Бул бойынша 11-январь күни галерея менен меморандумға қол қойылды, деп хабар бермекте. Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры.
Министрлер Кабинети жанындағы қордың атқарыўшы директоры Гаянэ Умерова Уффици галереясы директоры Эйке Шмидт пенен ушырасты. Олар 2024-жылы Флоренцияда өткерилетуғын көргизбеге биргеликте таярлық көриў ушын бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды.
Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнери музейинде сақланып атырған сайланды топламлардан ибарат көркем шығармалар көргизбесин Уффици галереясының итибарына усынды.
Уффици галереясының коллегиясы ағзалары өзлериниң Өзбекстанға рәсмий сапарлары шеңберинде Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Нөкис қалаларындағы бир қатар мәмлекетлик музей ҳәм мәдений мийрас объектлерине барды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги