Ҳәзирги күнде «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде орынларда жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатлар тәрепинен де кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардан хабар алынып, қайырқомлық илажлары өткерилмекте.
Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесине 27-санлы «Раўшан» сайлаў округинен сайланған депутат Б. Қудайназаров районда жайласқан Қашы, Ханжап, Қаратал мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Хорезм аўыл пуқаралар жыйыны аймақларында жасайтуғын кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж жәми 42 хожалықтан хабар алды.
Оларға азық-аўқат өнимлери жеткерип берилди.
– Быйыл қыс мәўсими қатты келди. Күнлик жумыс ислеп, қосымша дәрамат табыўға да мүмкиншилик болмай атыр. Усындай ўақытта ҳәкимияттан, пуқаралар жыйынларынан қалыс жәрдем берилип, ўақтынша қыйыншылықтан шығысыўымызға үлкен жәрдем болмақта. Бүгин мине районлық депутатлар да мәйек, ақ май ҳәм басқа да азық-аўқатлық затлар алып келди. Бул ушын басшыларымыздан миннетдармыз,-дейди Ханжап МПЖ турғыны Турсынбай Нурыллаев.
Республикамызда «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги