Республикамыздың емлеў мәкемелери тәрепинен “Док-1 Макс” сиропы саўдасының алын алыў  бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақда.

–Бүгинги күни барлық басланғыш медицина хызметерлери жас балалары бар шаңарақларға кирип, атап өтилген сироп ямаса таблеткалар болса пайдаланбаўы,тек ғана шыпакердиң усынысы менен балаларға медициналық емлеў өткериў бойынша түсиндириў жумыслары алып барылмақта,–дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурат Қурбанов. – Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тапсырамсына муўапық қыстаўлы медициналық жәрдем системасына  ҳәм  амбулатор-поликлиника мәкемелерине наўқасланған балалар бойынша шақырыў ҳәм мүрәжатлар болған жағдайда, оларды тезлик пенен стационарга жатқарыў ҳәм көрсетпеге муўапық госпитализация етиў,  амбулатор-поликлиника мәкемелеринде “онлайн патронаж” системасын тиклеў, онда 6 жасқа шекемги балалар саламатлығынан тиккелей хабар алыў, ҳәр қандай өткир кеселликлердиң белгилери бар балаларға шыпакердиң оператив тексериўин өткериў жумыслары алып барылмақта. Сондай-ақ, емлеў-профилактика  мәкемелери, пуқаралар жыйынлары, кәрханаларда, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда халықтың арасында балаларды шыпакердиң мәсләҳәтисиз өзбасымшалық пенен емлемеслик, ҳәр қандай сироплы дәрилерди балаларға бермеў,  “Quramax” фирмасының сироп препаратларын ўақтынша (жағдайға анықлық киргизилмегенше) қабыл етпеслик бойынша түсиндириў жумысларын алып барыў тапсырмасы берилди.

Емлеўханаларға мүрәжат еткен балалардан мағлыўматларды толық жыйнаў (кесселликтиң басланған дәўири, қабыл еткен дәрилери, мүрәжат еткен мәкемелери ҳәм нәтийжелери), тастыйықланған стандарт ҳәм клиникалық протоколларға тийкарланған қатаң қадағалаў ҳәм емлеў илажларын көриў, наўқас балалардың динамикалық жағдайы ҳәм көрилип атырған илажлар туўралы ана-аналарды хабардар етиў, ҳәр бир бала ушын аймақлық ҳәм республикалық емлеў мәкемелериниң қәнигелерин қатнастырған ҳалда консилиумларды шөлкемлестириў, “Док-1 Макс” дәрисин пайдаланған балалар анықланғанда, экспертизадан өткериў ҳәм сол мәкемениң бас шыпакерине усыныў илажлары көрилмекте.

6 жасқа шекемги балаларға тез медициналық жәрдем хызметин шақырыўлар ҳәм актив патронажды әмелге асырыў ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәр күни жыйнаў мақсетинде оператив штаблардың жумысы жолға қойылды. Сондай-ақ, Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы  фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги Қарақалпақстан Републикасы бөлимшеси тәрепинен аймақлардағы дәриханалардан “Quramax” фирмасы тәрепинен алп келинген  “Док-1 Макс”  дәрисин ҳәм  “Амбронол” сироп дәрисин саўдадан жыйнап алыў жумыслары алып барылмақта.


Қарақалпақстан хабар агентлиги