Өзбекстан Республикасы Президенти «Зергерлик буйымларын ислеп шығарыў қуўатлықларын кеңейтиў ҳәм жергиликли зергерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.

Бул қарар зергерлик тараўын жергиликли санааттың тийкарғы драйверлеринен бирине айландырыўға қаратылған.

Қарарға муўапық, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы исбилерменлерге баҳалы металларды товар-шийки зат биржасы арқалы 15 процентлик аванс төлемин әмелге асырған ҳалда кешиктирип төлеў шәрти менен сатыў тәртиби енгизиледи.

Бул тәртип 2026-жыл 1-январьға шекем әмел етеди.

Сондай-ақ, 2023-жыл 1-февральдан баслап 2026-жыл 1-февральға шекем «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ тәрепинен ислеп шығарылған баҳалы металларды биржа саўдаларында сатыўда зергерлик тараўында 100 ден 300 ге шекем жумыс орынларын жаратқан исбилерменлик субъектлерине – Лондон баҳалы металлар базары ассоцациясының азанғы фиксинг баҳасының 1 проценти муғдарында, 300 ден 500 ге шекем жумыс орынларын жаратқанларға –2 проценти муғдарында, 500 ден 1000 ға шекем жумыс орынларын жаратқанларға –3 процент муғдарында, 1000 ҳәм оннан артық жумыс орынларын жаратқанларға –4 процент муғдарында шегирме бериледи.

2023-жыл 1-январьдан баслап, резидент ҳәм резидент емес физикалық тәреплерге – баҳасы 100 миллион сумға шекемги таяр зергерлик буйымларын жолаўшы бажыхана декларациясын толтырмастан, 100 миллион сум ҳәм оннан артық болғанларын жолаўшы бажыхана декларациясы тийкарында Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыўға, сондай-ақ, зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге-зергерлик буйымларын жолаўшы бажыхана декларациясын толтырған ҳалда, мағлыўматларды Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына киргизбестен Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан тысқарыға коммерциялық мақсетлерде алып шығыўға руқсат етиледи.

2023-жыл 1-февральдан баслап аффинаж кәрханалары ҳәм зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы исбилерменлер баҳалы металлар ҳәм қурамында баҳалы металлары болған шийки затты бажыхана аймағында қайта ислеў, бажыхана режимине жайластырыў ҳәм қурамында баҳалы металлары болған қайта ислеў өнимлерин Өзбекстан Республикасы бажыхана аймағынан сыртқа алып шығыўда арнаўлы түрдеги товарларды экспорт ҳәм импорт етиў ушын лицензия алыў миннетлемесинен азат етиледи.

Әндижан, Бухара, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери сондай-ақ, Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң аймақлардағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары ҳәм кәсип-өнер оқытыў орайларында Италия, Түркия сыяқлы сырт еллерден маман қәнигелерди тартқан ҳалда арнаўлы оқыў курслары шөлкемлестириледи.

Курсларды табыслы тамамлап, тийисли сертификат алған шахсларға шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде зергерлик буйымларын ислеп шығарыў ушын зәрүр болған қураллар ҳәм әсбап-үскенелерди сатып алыў мақсетлери ушын 50 миллион сумға шекемги жеңиллетилген кредитлер ажыратылады.

ӨзА