Республикамыз бойлап даўам етип атырған «Меҳир_ҳәрекети» шеңберинде физикалық имканияты шекленген инсанлар да итибарға алынып, оларға қәўендер шөлкемлер тәрепинен ғамқорлықлар көрсетилмекте.
Усындай қайырқомлық илажы Қараөзек районы социаллық медициналық хызметлерди раўажландырыў бөлими ҳәм Ҳаял-қызлар ҳәм шаӊарақты қоллап- қуўатлаў бөлими менен биргеликте әмелге асырылды.
Атап айтқанда, олар тәрепинен райондағы Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйыны ҳәм Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны аймақларындағы физикалық имканияты шекленген пуқаралардыӊ ҳал-жағдайларынан хабар алынды.
Олардың машқалалары үйренилип, унамлы шешиў илажлары көрилди.
Қайырқомлық илажы даўамында Қараөзек посёлкалық пуқаралар жыйыны турғыны З. Мамутова ҳәм Бердақ аўыл пуқаралар жыйыны турғыны В. Тилеўниязоваларға заманагөй электрон арбашалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы