Онда жазылыўынша, 2023-жылғы пүткил дыққат-итибар Өзбекстанға қаратылады. Себеби Самарқандта биринши мәрте UNWTO Бас Ассамблеясы болып өтеди.
Усы илаж фонында эксклюзив туризм бағдары сыпатында Қарақалпақстанды туристлер өз көзлери менен көриўи усыныс етилген. «Мойнақтағы жаңа аэропорттан Ташкентке ҳәптесине үш мәрте ҳаўа қатнасы әмелге асырылыўы ҳәм Нөкиске тез жүретуғын поездтың жолға қойылыўы бул алыс ҳәм шырайлы аймаққа логистикалық қолайлықты жаратыў имканиятын береди», деп жазады дәрек.
Авторлар Қарақалпақстан ҳаққында жазып, Өзбекстанның усы регионында Арал теңизиниң жайласқанын атап өткен. 2020-жылдан берли бул жерде еки жаңа миллий бағ шөлкемлестирилди ҳәм ҳәр жылы «Stihia Festival» электрон музыка фестивалы болып өтеди.
Сондай-ақ, Саҳра Лувры аты менен белгили болған Савицкий атындағы әжайып музейде дүньяға белгили авангард коллекциясының шығармаларына бағышланған көргизбелер бағдарламасы қойып бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги