Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Кейинги жыллары Жаңа Өзбекстанды қурыўдың әҳмийетли шәрти болып есапланған нәтийжели жумыс алып барыўшы басқарыў системасын қәлиплестириў бойынша кең көлемли ҳәкимшилик реформалар әмелге асырылды.

Соның ишинде, мәмлекетлик уйымлардың тараўға байланыслы болмаған ўазыйпаларын қысқартыў ҳәм жумысына санлы технологияларды кеңнен енгизиў арқалы олардың структурасы орташа 15 процентке оптималластырылды, сондай-ақ, 26 мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде 40 басшы орынбасарларының лаўазымлары қысқартылды.

Мәмлекетлик уйымлардың жумысына заманагөй басқарыў принциплерин енгизиў есабынан бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў ҳәм халыққа мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў системасын жақсылаў мақсетинде 30 ға шамалас түрдеги лицензия ҳәм руқсатнамалар бийкар етилди. 70 тен аслам мәмлекетлик хызметлер әпиўайыластырылды, мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен 60 тан артық ҳүжжетлерди талап етиў бийкар етилди.

«Электрон ҳүкимет» системасының пайдаланыўшылары саны 4 миллионнан артып, ол арқалы мәмлекетлик уйымлардың 130 дан артық мәлимлеме ресурсларынан пайдаланыў имканиятлары жаратылды. Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында дерлик 350 түрдеги хызметлер онлайн түрде көрсетилиўи жолға қойылды.

Жаңа өзбекстан шараятында заманагөй талапларға жуўап беретуғын ықшам мәмлекетлик басқарыў системасын қәлиплестириў, қарар қабыл етиў ҳәм мәселени көрип шығыў процесслерин әпиўайыластырыў арқалы мәмлекетлик уйымлар басшыларының жуўапкершилигин арттырыў сондай-ақ, олардың жумысын нәтийжелиликке бағдарлаў, Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформалары бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети (кейинги орынларда – Министрлер Кабинети/Ҳүкимет) ағзасы болған атқарыў ҳәкимияты уйымлары басшыларының Министрлер Кабинетиниң структуралық дүзилмелеринен еркин түрде Бас министр менен тиккелей ислесиў системасы енгизилсин.

Ҳүкимет ағзасы болған атқарыў ҳәкимияты уйымының басшысы:

тийисли тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыў ҳәм оны раўажаландырыў бойынша белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ерисиў ушын жуўапкер болып есапланатуғыны;

системадағы кадрлар сиясатының Министрлер Кабинети аппаратынан еркин түрде мәмлекетлик хызмет ҳаққындағы нызамшылыққа муўапық жүргизилиўин тәмийинлейтуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинети атқарыў структурасында экономика ҳәм социаллық тараўлар бойынша секретариатлар, департаментлер ҳәм олар жанындағы бөлимлер, сондай-ақ, Мәдений мийрасты қорғаў инспекциясы, Әскерийлестирилген структуралар жумысын финанслық ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў бөлими, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў мәселелери бөлими сапластырылсын.
  2. Министрлер Кабинетиниң атқарыў структурасында:

Бис министрдиң 4 орынбасарлары лаўазымы;

Ҳүкимет басшысының жумысын ҳуқықый, шөлкемлестириў-техникалық, мәлимлеме-аналитикалық ҳәм протокол бойынша тәмийинлейтуғын Бас министр секретариаты шөлкемлестирилсин.

  1. Министрлер Кабинетиниң жаңаланған атқарыў структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары сондай-ақ, Ҳүкимет ўәкилликлерине байланыслы басқа да әҳмийетли мәселелерди (кейинги орынларда – мәселелер) Министрлер Кабинетине киргизиў, көрип шығыў ҳәм мәлимлеме бериўдиң төмендеги тәртиби енгизилсин:

а) нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары ҳәм мәселелер Ҳүкиметке тиккелей министрлер ҳәм басқа да бийғәрез атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшылары тәрепинен белгиленген тәртипте киргизиледи;

б) келип түскен нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары Мәлимлеме-аналитикалық ҳәм юридикалық тәмийинлеў департаментине көрип шығыў, қаржы-экономикалық ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткериў, тәртипке салыў тәсири ҳәм мәплер соқлығысыўын баҳалаў ҳәм мәлимлеме бериў ушын киргизиледи;

г) мақулланған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, басқа да мәселелер белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизиледи (ямаса қабыл етиледи);

д) Министрлер Кабинетинде мәселелерди коллегиал түрде көрип шығыўда, зәрүрликке бола, ғалаба хабар қураллары мирәт етиледи.

Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) бир ай мүддетте усы Пәрманның талапларынан келип шығыў, киргизиў, көрип шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы менен келисиўдиң анық тәртиби ҳәм мүддетлерин, олардың орынланыўын қадағалаўды нәзерде тутыўшы Ҳүкиметтиң жаңаланған регламентин киргизсин.

  1. Бас министрдиң әмелдеги орынбасарлары ҳәм мәсләҳәтшилери сондай-ақ, Министрлер Кабинети аппаратының басқарыўшысы ҳәм орынбасарлары жаңа система иске қосылғанға шекем жүкленген ўазыйпалардың толық көлемде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлейтуғыны;

Министрлер Кабинети аппаратының структураларын оптималластырыўға байланыслы босап атырған қаржылар Бас министр секретариаты өрнек көрсеткен хызметкерлердиң нәтийжелилиги тийкарында қосымша хошаметлеўге қаратылатуғыны белгиленсин.

Әдиллик министрлиги жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте:

Министрлер Кабинетинде нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў ҳәм есап бериўди шөлкемлестириў тәртиби;

әмелге асырылып атырған ҳәкимшилик реформалардан келип шығып комиссиялар, кеңеслер, жумысшы топарлар ҳәм басқа да коллегиал уйымларға басшыларды қайта бөлистириў бойынша усыныс киргизсин.

  1. Бас министрге төмендеги ҳуқықлар берилсин:

мәселелерди тәртипке салыў ҳәм баслы ўазыйпаларды шешиўдиң әҳмийетлилигин есапқа алған ҳалда Бас министр секретариатының улыўмалық штатларының саны шеңберинде оның атқарыў структурасына өзгерислер киргизиў;

экономика ҳәм социаллық тараўдың әҳмийетли бағдарларын үйрениў ҳәм олар бойынша усыныслар ислеп шығыў, сондай-ақ, жүзеге келген келиспеўшиликлерди сапластырыў ушын жумысшы топарлар ҳәм келисим комиссияларын шөлкемлестириў;

Бас министр секретариатының өрнек көрсеткен басқарыў хызметкерлерин нәтийжелилик тийкарында қосымша хошаметлеў ушын қаржылар муғдарларын белгилеў.

  1. Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) бир ай мүддетте:

Бас министр орынбасарларының функционаллық ўазыйпаларын тастыйықлаў;

Бас министр секретариатының штат кестесин тастыйықлаў;

Бас министр секретариаты ҳаққындағы, оның барлық бөлимлериниң функциялары, ўәкилликлери, ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм жуўапкершилигин толық белгилеп бериўши режени ислеп шығыў;

Бас министр секретариатының жаңадан шөлкемлестирилген структуралық бөлимлери ҳаққындағы режелерди тастыйықлаў;

жумысы сапластырылып атырған структуралық бөлимлериниң хызметкерлерин министрлик, уйым ҳәм басқа да шөлкемлерде басшы ҳәм жуўапкер лаўазымларға тайынлаў бойынша илажлар көрсин, зәрүр жағдайларда, усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги кеңесиниң Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларының биринши басқышы шеңберинде 2023-жыл 1-январьдан баслап ықшам, прфессионал басқарыў принциплерине тийкарланған ҳәм нәтийжелиликке бағдарланған республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының министрликлер, комитетлер, агентликлер ҳәм инспекцияларды өз ишине алатуғын бир пүтин системаны қәлиплестириў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. министрлик-тийисли тараўларда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты ислеп шығыўшы ҳәм әмелге асырыўшы, белгили бир бағдарла атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын маўапықластырыўшы сондай-ақ, системадағы басшылық етиў жумысын жеке басшылық тийкарында шөлкемлестиретуғын атқарыў ҳәкимиятының уйымы болып есапланатуғыны;

комитет-тийисли тараў ишиндеги тармақ жумысын маўыпқластырыўшы ҳәм тәртипке салыўшы, системадағы басшылық жумысын коллегиал тийкарда шөлкемлестиретуғын, сондай-ақ, министрликтиң шөлкемлестириў бойсыныўындағы жумыс алып баратуғын республикалық атқарыў ҳәкимиятының уйымы болып есапланатуғыны;

агентлик-тийкарғы ўазыйпасы сыпатында тийисли тараўда мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа да ҳуқықты қолланыў функцияларын әмелге асырыўшы, сондай-ақ, министрликтиң шөлкемлестириў бойсыныўында жумыс алып баратуғын республикалық атқарыў ҳәкимиятының уйымы болып есапланатуғыны;

инспекция-тийкарғы ўазыйпасы сыпатында тийисли тараў ҳәм тармақларда мәмлекетлик қадағалаў ҳәм тексериўди әмелге асырыўшы, сондай-ақ, министрликтиң шөлкемлестириў бойсыныўында жумыс алып баратуғын республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы болып есапланатуғыны;

нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық айрықша статусқа ийе ҳәм тиккелей Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм (ямаса) Министрлер Кабинетине бойсынатуғын комитет, агентлик ҳәм инспекциялар шөлкемлестирилиўи мүмкин екенлиги белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлиги кеңесиниң Жаңа Өзбекстан ҳәкимшилик реформаларының биринши басқышы шеңберинде 2023-жыл 1-январьдан баслап еркин жумыс алып барыўшы республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының санын 61 ден 28 ге шекем, соның ишинде, министрликлер санын 25 ден 21 ге шекем қысқартыў бойынша усынысы мақуллансын.
  2. Министрлер Кабинети системасын төмендеги министрликлер қурайтуғыны белгиленсин:

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги;

Экономика ҳәм қаржы министрлиги;

Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги;

Қурылыс ҳәм турақ-жай коммуналлық хожалығы министрлиги;

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги;

Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги;

Тәбият ресруслары министрлиги;

Жаслар сиясаты ҳәм спорт министрлиги;

Аўыл хожалығы министрлиги;

Суў хожалығы министрлиги;

Санлы технологиялар министрлиги;

Әдиллик министрлиги;

Транспорт министрлиги;

Мәденият ҳәм туризм министрлиги;

Қорғаныў министрлиги;

Энергетика министрлиги;

Денсаўлықты сақлаў министрлиги;

Сыртқы ислер министрлиги;

Ишки ислер министрлиги;

Айрықша жағдайлар министрлиги.

  1. Төмендегилер:

2023-жыл 1-январьдан баслап қайтадан шөлкемлестирилип атырған республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларының дизими 2-қосымшаға муўапық;

2023-жыл 1-январьдан баслап ўазыйпа ҳәм функциялары тийисли министрлик ҳәм уйымларға өткерилген ҳалда сапластырылып атырған республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларының дизими 3-қосымшаға муўапық;

2023-жыл 1-январьдан баслап шөлкемлестириў бойсыныўы өзгерип атырған республикалық мәмлекетлик басқарыў уйымларының дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Усы Пәрман шеңберинде штат бирликлерин оптималластырыў нәтийжесинде босайтуғын қаржылар социаллық мәселелерди шешиўге қаратылатуғыны белгиленсин.

  1. Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) бир ҳәпте мүддетте:

усы Пәрманға муўапық қайта шөлкемлестирилип атырған республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын толық жолға қойыў бойынша илажлар реже-графиги;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының жумысын тәртипке салыўшы үлги режени тастыйықласын.

Онда, республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымының басшысы ҳәм оның орынбасарларының жуўапкершилиги шеңберинде ҳәм республика, ўәлаят ҳәм район дәрежесиндеги бөлимлердиң ўазыйпалары менен функцияларын анық шегаралаў, сондай-ақ, аймақлар кесиминде жумыс нәтийжелилигин баҳалаў нормалары ҳәм жумыс көрсеткишлери (индикаторлары) белгиленсин.

  1. 2023-жыл 1-январьдан баслап республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының нәтийжели жумысын жолға қойыў ушын жуўапкершилигин және де арттырыў мақсетинде:

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен ҳәр бир республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымының жыл даўамында ерисиўи зәрүр болған мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) белгиленеди;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымының басшысы ҳәр жыл басында өзиниң орынбасарларының кесиминде белгиленген мақсетли көрсеткишлерге (индикаторларға) ерисиў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасын ислеп шығып, жәмийетшилликке усынады;

ҳәрекетлер бағдарламасына тийкарланып республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымының аймақлық бөлимлериниң басшылары мақсетли көрсеткишлерге (индикаторларға) ерисиў бойынша аймақлық раўажланыў бағдарламасын ислеп шығып, жәмийетшиликке усынады;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң басшылары жылдың ақырына шекем ҳәрекетлер ҳәм аймақлық раўажланыў бағдарламаларының әмелге асырылыўы ҳәм мақсетли көрсеткишлерге (индикаторларға) ерисиў жағдайы бойынша есап бериўи ҳәм ашық жәриялаў әмелиятының жолға қойылады.

Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымының басшысы Олий Мажлис палаталары, Өзбекстан Республикасы Президенти сондай-ақ, жәмийетшилик алдында тиккелей есап беретуғыны белгиленсин.

  1. Республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының институциоаналлық ғәрезсизлигин арттырыў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған бола, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының шөлкемлестириў структурасы, штат бирликлери ҳәм басшы орынбасарларының саны, сондай-ақ, жумыс бағдарлары белгилеп бериледи.

Онда:

орайлық аппарат ҳәм аймақлық бөлимлер структураларын Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинети тәрепинен тастыйықлаў әмелиятының бийкар етиледи;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшыларына ажыратылған қаржылар шеңберинде ҳәм белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда орайлық аппарат ҳәм аймақлық бөлимлердиң структурасы ҳәм штат бирликлерин тастыйықлаў ҳуқықы бериледи;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының басшыларына аймақтағы талап ҳәм шараятлардан келип шығып, белгили бир ўәлаят ямаса район (қала) бөлимлерин шөлкемлестириў ямаса оларды районлар аралық (ўәлаятлар аралық) түрде дүзиў ўәкиллиги бериледи.

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымлары структурасында шөлкемлестирилиўи мәжбүрий болған бөлим ҳәм лаўазымлар дизими, оларға болған нормалар сондай-ақ, басшы ҳәм атқарыўшы хызметкерлер арасындағы өзгешелик бойынша нормаларды белгилеўди нәзерде тутатуғын қарар жойбарын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлигиниң кеңеси усы Пәрманның әмелге асырылыўын муўапықластырыў ҳәм төмендеги мақсетли көрсеткишлерге ерисиўди тәмийинлеў ушын жуўапкер етип белгиленсин:

атқарыў ҳәкимияты уйымларының штат бирликлери, соның ишинде, басшы лаўазымларын 30 процентке шекем оптималластырыў ҳәм әдил мийнетке ҳақы төлеў системасын енгизиў;

ҳәкимшилик реформалар шеңберинде трансформация исленип атырған атқарыў ҳәкимияты уйымларының усы Пәрманда белгиленген жаңа талаплардан келип шыққан ҳалда нәтийжели жумысын жолға қойыў;

басшылардың қаржы ҳәм институционаллық бийғәрезлигин артырыў арқалы аймақлар менен ислесиўдиң нәтийжели системасын енгизиў;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының функцияларын тәртипке салыў арқалы оларды кеминде 10 процентке қысқартыў;

жеке меншик секторға өткерилетуғын мәмлекетлик функциялар санын кеминде 3 есеге арттырыў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм аутсорсинг механизмлерин кеңнен енгизиў;

атқарыў ҳәкимияты уйымларының системасында басшы ҳәм атқарыўшы хызметкерлердиң мүнәсип пропорциясына ерисиў;

басшылардың халық усыныслары тийкарында жумысын жолға қойыў ҳәм жәмийетшилик алдында есапдарлығын күшейтиў.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық реформалар агентлигиниң кеңеси (С.У.Умурзаков) усы Пәрманнан келип шыққан ҳалда ҳәкимшилик реформалар биринши басқышында республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларын 2023-жыл 1-январьға шекем, екинши басқышында болса жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын 2023-жыл 1-апрельге шекем реформалаў бойынша илажлар көрилиўин тәмийинлесин.

  1. Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов) 2023-жыл 1-февральға шекем усы Пәрман талапларынан келип шыққан ҳалда, төмендегилерди нәзерде тутыўшы «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ҳаққында»ғы жаңа нызам жойбарын киргизсин:

Ҳүкимет ағзаларының Бас министр менен тиккелей ислесиў механизмлерин белгилеў, олардың Министрлер Кабинетинде қарарлар қабыл етиў процесиндеги статусын арттырыў;

аймақлар, инфраструктура, экономика, қаржы, пул-кредит, сондай-ақ, социаллық тараўдың раўажланыўын тәмийинлеўде Ҳүкиметтиң жуўапкершилигин түп-тийкарынан арттырыў;

Ҳүкимет ағзаларының басқарыў, кадр, қаржы ҳәм басқа да бағдарлардағы еркинлигин арттырыў ҳәм жуўапкершилигин күшейтиў;

республикалық атқарыў ҳәкимияты уйымларының, соның ишинде, аймақлық бөлимлер кесиминдеги ҳәр бириниң статусы, оларды шөлкемлестириў ҳәм сапластырыўдың анық тәртиби сондай-ақ, бир-биринен айыратуғын нормаларды белгилеў.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпалары кеңнен жарытылыўын шөлкемлестирсин.
  2. Әдиллик министрлиги бир ай мүддетте усы Пәрманнан келип шығып, нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныслар киргизсин.
  3. Пәрманның орынланыўын қадағалаў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы С.У.Умурзаковқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                       Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2022-жыл 21-декабрь