Жаңа министр тайынлаўға да депутатлар қатнаспақта, режелери менен танысып, мақуллап атыр. Бирақ, тилекке қарсы, кейин ала тек ғана сын менен шекленип атыр.

Мәлим болғанындай, тараўлар бойынша еки палатада да комитетлер, комиссиялар бар. Тийкарында, олар, министрлерге қайсы бағдарда ямаса аймақта жумыс жақсы кетпей атырғанын көрсетиўи, кемшиликлер бойынша орынларға шығып, халықтың пикирин үйренип, мәселеге биргеликте шешим табыўы зәрүр.

Сонлықтан, министрдиң жумысын нәтийжели шөлкемлестириўде парламенттеги комитет, комиссия ҳәм депутатлардың да жуўапкершилигин белгилеў, дурыс болады, деп есаплайман. Әлбетте, сын да керек. Бирақ, ҳәзирги депутатларға берилген үлкен ўәкиллик ҳәм имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў зәрүр.

Мен де узақ жыллар депутат болып ислегенмен, сол дәўирде бирде бир министр Парламентте есап бергенин көрмегенбиз. Ҳәзир болса жағдай пүткиллей басқаша-ғой! Сол ушын ең әҳмийетли мәселе – елдиң тәғдирине жуўапкер болып, халқымызды разы етиў ушын ҳәммемиз биргеликте ислесиўимиз керек.

Улыўма, Парламентимиздиң жумыс усылын жақсылаў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў да, Конституциямызда өз көринисин табыўы зәрүр», – Шавкат Мирзиёев.


Қарақалпақстан хабар агентлиги