Усы жыл 19-декабрь күни Тақыятас районында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибети өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында руўхый-ағартыўшылық жумыслары системасын түпкиликли жетилистириў, бул бағдарда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде аймақлар орайында үлги жойбар тийкарында руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайларын шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилген еди. Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бүгинги күнде бир қанша жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Илаж қатнасыўшылары руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық сарайында жаратылған шараятлар менен танысып, бундай имканиятлардың тараўды раўажландырыўдағы әҳмийетине, дөретиўши жаслардың  тәжирийбе алмасыў орны сыпатында хызмет атқаратуғынлығы атап өтилди.




Қарақалпақстан хабар агентлиги