Мәлимлеме-китапхана орайында «Китапқумар аналар» күни мүнәсибети менен жумыс орнында ҳәм шаңарағында өрнек болып атырған бир қатар аналар менен студент-жаслардың ушырасыўы өткерилди. Илаж даўамында «Қорақалпоғистон тонги» газетасының бас редакторы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен журналист, шайыр Н.Матякубова, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң оқытыўшысы А.Машарипова ҳәм басқалар жасларға шаңарақта китап оқыўдың перзентлер тәрбиясындағы әҳмийети, жәмийетимизде ҳаял-қызларға жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында айтып өтти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министри тәрепинен 2022-жыл 31-октябрьдеги Ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәнаўиятын ҳәм мәдениятын арттырыў, жәмийетлик белсендилигин арттырыў мақсетинде ислеп шығылған илажлар режесине бола, ҳәр айдың 17-сәнеси «Китапқумар аналар» күни деп белгиленди. Cәне мүнәсибети менен мәлимлеме-китапхана орайларында бундай илажлар ҳәр айда өткерилиўи белгиленген.

– Балалығымнан журналист болыўды әрман ететуғын едим. Көркем әдебиятларды мектепте көп оқыйтуғын едим. Кейин ўақыт болмады. Өзим унатқан кәсип бойынша оқыўға тапсырғанымда китап оқыўдан узақласқаным пәнт берди, -дейди Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалы студенти Нурзада Раметуллаева. – Ушырасыўда журналист ҳәм китапқумар ана Н.Матьякубова менен кеўилден сәўбетлестим. Устаз китап оқысақ тек өзимиздиң емес, ал, келешекте жақынларымыздың, перзентлеримиздиң де жолын жарытатуғын  ғәзийнеге ийе болатуғынымызды айтты.

Илажда китапқумар аналар ушын бағдарлама, жол көрсетиўши болатуғын китаплар үгит-нәсиятланып, мийманлар жасларға турмыс қурыў алдынан шаңарақ тиклеўдиң жуўапкершилиги, перзент тәрбиясы ҳаққындағы әдебиятларды оқыўды мәсләҳәт берди.



Қарақалпақстан хабар агентлиги