Әмиўдәрья районындағы Фаровон мәкан пуқаралар жыйынында үш әўлад ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Илажда мийнет ветеранлары, ҳәзирги күнниң пидайылары ҳәм белсенди жаслар қатнасты.

Ветеран нураныйлар тәрепинен жасларға бир кесе шай үстинде өз дәўириндеги мийнеттеги жетискенликлери, сол ўақыттағы шараятлар туўралы мағлыўматлар берилди. Ҳәзирги ўақытта жаслардың оқыўы, кәсип-өнер үйрениўи ҳәм жумыс ислеўи ушын жаратылған қолайлықлардан утымлы пайдаланыўы, елимиз ушын пайдалы инсанлар болып жетилисиўи ушын нелерге итибар қаратылыўы зәрүр екенлиги бойынша мәсләҳәтлер берилди.

– Елимизде дәстүрге айланып киятырған усындай ушырасыўлардың тез-тез өткерилип турылыўы, ветеранлар ушын да, жаслар ушын да ҳәр тәреплеме пайдалы болмақта,-дейди усы пуқаралар жыйынындағы ҳәким жәрдемшиси, районлық Кеңес депутаты Муқаддас Бекназарова.

Районлық мәденият бөлими хызметкерлери ҳәм 40-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшылары тәрепинен атқарылған қосықлар илаж қатнасыўшыларына айрықша кейпият бағышлады.

Илажда дәстурханға миллий тағамымыз болған палаў тартылып, естелик саўғалар тапсырылды.



Илаж даўамында өткерилген сәўбетлесиўлер ўақтында жасы үлкенлер баҳалы тәжирийбелери менен бөлисип, жаслар олардан өзлерин қызықтырған сораўларға ҳәр тәреплеме жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги