«Шегарасыз репортёрлар» шөлкеми (RSF) 2022-жыл ушын берген есабатқа бола, Мексика ҳәм Украина – журналистлер ушын ең қәўипли мәмлекетлер.

Мексика қатарына төртинши жыл «ең қәўипли мәмлекет» болып қалмақта, быйыл 11 журналист өлтирип кетилди. Украинада – сегиз (мәмлекетте даўам етип атырған урыс себепли), Гаитида – алты, Бразилияда -үш журналист өлтирилди.

Шөлкемниң есабатына бола, жәҳән бойынша 2022-жылы тиккелей кәсиплик жумысы менен шуғылланыў ўақтында 57 ҒХҚ хызметкери қайтыс болған, ҳәзир 65 журналист тутқынлықта, 49ы бийдәрек жоғалған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги