Қарақалпақстан Республикасында барлық түрдеги хожалықларда жәми 3369 гектар жүзим атызлары болып, соның 2054 гектары фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларына, 1315 гектары шаңарақлардағы үй алды қыйтақ жерлерге туўра келеди. Жүзим атызларының 1861 гектары өнимдарлы болып, усы майданлардан быйыл 12 мың тоннадан аслам жүзим өнимлери жетистирилди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 28-июль күнги «Жүзимгершиликти раўажландырыўда кластер системасын енгизиў, тараўға алдынғы технологияларды тартыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Усы қарар тийкарында Елликқала ҳәм Нөкис районлары жүзимгершиликке қәнигелестирилди.

Бул районларда 2021-2024-жылларда 3000 гектардан, жәми 6000 гектарлық жүзим атызларын жаратыў белгиленген.

Жүзим егиў режелериниң 3300 гектары фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханаларында ҳәм 2700 гектары шаңарақлардың қыйтақ жерлеринде әмелге асырылыўы белгилеп алынды.

– Усы жойбарларды әмелге асырыўда кластерлер, фермер хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын жәми 77,4 миллиард сум, соның 17,7 миллиард сумы жойбар ийелериниң өз қаржылары ҳәм 59,7 миллиард сумы коммерциялық банклердиң кредитлери талап етилиўи бойынша дәслепки есап-санақлар ислеп шығылды,-дейди Бағшылық ҳәм ыссылық хожалығын раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими бас қәнигеси Дурысберген Ещанов.

Соннан, кластерлер ҳәм фермер хожалықларына талап етилетуғын қаржылардың хызмет көрсетиўши банклер ҳәм қаржылардың жумсалыўы бойынша айтатуғын болсақ, ажыратылатуғын 57,3 миллиард сумлық кредит қаржыларының 8 миллиард сумы 178 мың дана шпалерлер (баған) сатып алыўға жумсалыўы белгилеп алынды. Сондай-ақ, 874 миллион сумы 178 тонна сым материалларын сатып алыўға, 3,4 миллиард сумы 135 гектар майданға тамшылатып суўғарыў технологияларын орнатыўға, 12,2 миллиард сумы 4,1 миллион дана сертификатланған жүзим нәллерин сатып алыўға және 32,8 миллиард сумы басқа қәрежетлерге жумсалыўы режелестирилди.

Усыған тийкарланып фермерлер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен бүгинги күнде 8,2 миллиард сум муғдарындағы кредитлер өзлестирилди.

Нәтийжеде, Елликқала ҳәм Нөкис районларында 2021-жылдың гүз айлары ҳәм 2022-жылдың бәҳәр айларында жәми 3284 гектар майданға жүзим нәллери егилди.

Соннан, 584 гектары фермерлер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен әмелге асырылған болса 2700 гектары шаңарақлардағы үй алды қыйтақ жерлерде әмелге асырылды.

Атап айтқанда, Елликқала районындағы «Элликқалъа шарови» ЖШЖ жүзимгершилик кластери тәрепинен 120 гектар майданда жүзим плантациясы жаратылды. Яғный, усы майданлардын 50 гектарына азықлық сортлар ҳәм
70 гектарына санаат усылында пайдаланылатуғын винолық сортлар егилди.

Сондай-ақ, районда және бир кластер «Бостан Агросанаат саўда» ЖШЖ ға 50 гектар жер майданы ажыратылып, оның 25 гектарына плантация усылында жүзим нәллери егилди. Қалған майданларындағы егиў жумысларын гүз айларында даўам етиў режелестирилмекте.

Буннан басқа, райондағы Топыраққала АПЖ аймағында «Меҳнатсевар» кооперациясы шөлкемлестирилип, 10 гектар майданға жүзим егилди. Бул атызлар «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не дизимге алынған 50 жумыссыз пуқараның ҳәр бирине 20 сотихтан бөлип берилди.

Сондай-ақ, Ферғана ўәлаяты бағманлары тәрепинен Елликқала районына 200 гектарлық атыз ушын жүзим нәллери жеткерип берилип, жергиликли фермерлерге Ферғана тәжирийбеси тийкарында жүзим егиў ҳәм тәрбиялаў сырлары үйретилмекте.

Соның менен бирге, Нөкис районында Самарқанд ўәлаяты исбилерменлеринен «Ширинкент»,  «Меҳрибан» фермер хожалығына жүзим егиўи ушын 239 гектар жер ажыратылып, олар тәрепинен быйыл бәҳәрде 40 гектар майданға жүзим нәллери егилди.

Буннан тысқары усы кластер тәрепинен 2021-жылда «ин-витро» лобараториясы шөлкемлестирилип, усы лобараторияда вирус ҳәм кеселликлерден сақланған жүзимниң өнимдарлы сортлы нәллери жетистирилмекте.

Атап айтқанда, лобараторияда жүзимниң винолық сортларынан «Юпитер», «Ракацитилий», «Кабрине савинион», «Ред мускат» ҳәм басқа сортлар, азық-аўқатлық сортларынан «Ред глов», «Олтум Роял», «Аватар», «Сагдияна», «Ризамат» сортлары жетистирилмекте.

Лобараторияда Қарақалпақстан Республикасы шараятына, яғный, суўыққа шыдамлы болған сортлардан көплеп жетистириў жолға қойылмақта.

Лобаратория 2023-жылы толық қуўатлылықта ислеўи нәтийжесинде жылына 5 миллион түп жүзим нәллерин жетистириў ҳәм фермер хожалықларына жеткерип бериў жолға қойылады.

Яғный, бүгинги күнде, жүзим нәллериниң басым көпшилиги Ферғана, Самарқанд ҳәм Ташкент ўәлаятларынан алып келинип атырған болса,
2023-2024-жылларда Қарақалпақстан Республикасының жүзим нәллерине болған талабы ишки нәл жетистириўши хожалықлар ҳәм Кегейли районындағы Академик М.Мырзаев атындағы илимий-тәжирийбе станциясының жетистирген нәллери есабынан толық қанаатлантырылады.

Бүгинги күнде жүзимгершилик хожалықларын жолға қойыўда, оларға жер майданларын таңлаўда, қаржы мәслелелеринде исбилерменлерге жәрдемлесиў мақсетинде «Жойбарлаў офислери» шөлкемлестирилди. Олар тәрепинен усы жылдың өзинде жүзимгершилик ушын 2 миллиард сумнан аслам жеңиллетилген микро-кредитлер ажыратылыўына жәрдем берилди.

Буннан тысқары, жүзимгершиликке қәнигелескен фермер хожалықлары баслықлары, бағманлар ҳәм тараў қәнигелериниң кәсиплик билимлерин арттырыў мақсетинде турақлы түрде оқыў семинарларын өткерип барыў жолға қойылды. Жаз айларында фермер хожалықлары баслықлары ҳәм тараў қәнигелерин оқытыў бойынша 5 күнлик семинарлар өткерилип, семинар қатнасыўшыларына сертификатлар тапсырылды.

Буннан тысқары Президентимиздиң усы жыл 12-13-май күнлери Ферғана ўәлаятына сапары даўамында берилген тапсырмалары тийкарында жүзимгершилик тараўын раўажландырыў бойынша Ферғана ўәлаяты тәжирийбелери үйренилип, алдағы режелер белгилеп алынды.

Жоқарыда атап өтилген жойбарларды әмелге асырыў нәтийжесинде жәми 8 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги