Нөкис қаласындағы «Жийдели байсын» мәкан пуқаралар жыйынында мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарындағы мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми пайдаланыўға тапсырылды.
Бул жерде балалар ушын барлық шараятлар жаратып берилген. Жеке исбилермен Рая Аллашеваның айтыўынша, «Аист» мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде 75 бала тәрбияланады.
Мағлыўматларға қарағанда, бақшаны қурыў ушын жәми 2 миллиард 92 миллион сум ажыратылыўы белгиленген болып, соннан 1 миллиард 117 миллион сум исбилерменниң қаржысы ҳәм мәмлекет тәрепинен 975 миллион сум муғдарында жеңилликли 1 процентлик кредит ажыратылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги