Бүгин Бишкекте Евроазия экономикалық аўқамына ағза мәмлекетлердиӊ саммити болып өтпекте. Қырғыз баспасөзиниң жазыўынша, Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев саммитке қатнаспайды, Өзбекстан басшысының Қырғызстанға мәмлекетлик сапары болса кейинирек өз алдына әмелге асырылады.

Евроазия экономикалық аўқамының Бишкек саммитинде Өзбекстан ҳүкимети басшысы қатнасады. Өзбекстан бул шөлкемде бақлаўшы статусына ийе.

Буннан алдынырақ Шавкат Мирзиёев 10-декабрь күни усы мәмлекетке баратуғыны ҳаққында хабар берилген еди, Өзбекстан рәсмийлери болса буны тастыйықламаған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги