Президент тапсырмасына тийкарланып, Бас министрдиӊ басшылығында Өзбекстан Республикасы аймағында энергия мәселелерин оператив үйрениў ҳәм шешип барыў бойынша Ҳүкиметтиӊ жумысшы топары дүзиледи.

 Жумысшы топар :

республика аймағында энергия жетиспеўшилиги мүнәсибети менен жүзеге келген жағдайды қысқа мүддетлерде терең анализлеў ҳәм анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша оператив илажлар көрип барыў ;

электр энергиясы ҳәм газди биринши гезекте  халыққа жеткериў зәрүрлигин есапқа алған ҳалда, әмелдеги энергия ресурсларын тең бөлистирип  барыў ҳәм бул процессти қатаң бақлаў;

электр энергиясы ҳәм газ жетиспеўшилиги шараятында алтернатив энергия өнимлери менен халықты және социаллық тараў объектлерин үзликсиз тәмийинлеў жумысларын жеделлестириў;

социаллық объектлер, соныӊ ишинде,  билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша зәрүр қаржылар ажыратып барыў ҳәм олардың мақсетли жумсалыўы үстинен қатаң қадағалаў орнатыў ;

энергия жетиспеўшилиги және оның ақыбетинде жүзеге келетуғын унамсыз ақыбетлер, әсиресе экономикаға тәсирин азайтыў мақсетинде, комплексли илажлар көриўге тийкарланған усыныслар ислеп шығыў ҳәм көрип шығыў ушын киргизиў ўазыйпасы жүкленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги