Эможилер – онлайн байланыста сезимлерди аңлатып бериўге жәрдем беретуғын қуралдан адамлар санасына тәсир көрсетиў “қуралы”на айналған. Бүгин эможилерсиз виртуал турмысты көз алдымызға келтире алмаймыз.
Эможилер ҳаққындағы қызықлы фактлер менен танысыўға таярсыз ба?
- Дүньядағы ең белгили эможи – “қуўаныш жаслары сәўлеленген түс” есапланады.
- 2. Әйне ўақыттағы эможилердиң улыўма саны 3000 нан асады.
- 3. Ҳаяллардың өз хабарларында эможилерден пайдаланыў көрсеткиши ер адамларға салыстырғанда 16% ке көбирек.
- 4. Эможилер 57% интернет пайдаланыўшыларына жағады.
- 5. Сатыў текстлери ҳәм хабарларда эможилерден пайдаланыў қарыйдарлардың санын арттырады.
- 6. Эможилер қосып жазылған постлар 60% ке көбирек “лайк” топлайды.
- Сатыў процесинде қарыйдарларға эможилер менен шақырық таслаў, олардан жуўап алыў мүмкиншилигин 4 есеге арттырады.
Сиз виртуал байланыста эможилерден көп пайдаланасыз ба? Сизге қайсы эможий унайды?
Дилноза Калбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги