Эможилер – онлайн байланыста сезимлерди аңлатып бериўге жәрдем беретуғын қуралдан адамлар санасына тәсир көрсетиў “қуралы”на айналған. Бүгин эможилерсиз виртуал турмысты көз алдымызға келтире алмаймыз.

Эможилер ҳаққындағы қызықлы фактлер менен танысыўға таярсыз ба?

  1. Дүньядағы ең белгили эможи – “қуўаныш жаслары сәўлеленген түс” есапланады.
  2. 2. Әйне ўақыттағы эможилердиң улыўма саны 3000 нан асады.
  3. 3. Ҳаяллардың өз хабарларында эможилерден пайдаланыў көрсеткиши ер адамларға салыстырғанда 16% ке көбирек.
  4. 4. Эможилер 57% интернет пайдаланыўшыларына жағады.
  5. 5. Сатыў текстлери ҳәм хабарларда эможилерден пайдаланыў қарыйдарлардың санын арттырады.
  6. 6. Эможилер қосып жазылған постлар 60% ке көбирек “лайк” топлайды.
  7. Сатыў процесинде қарыйдарларға эможилер менен шақырық таслаў, олардан жуўап алыў мүмкиншилигин 4 есеге арттырады.

 

Сиз виртуал байланыста эможилерден көп пайдаланасыз ба? Сизге қайсы эможий унайды?

 

Дилноза Калбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 4-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги