Декабрь айының басында Түркменстан, Әзербайжан ҳәм Түркий саммити Түркменбасы қаласында жайласқан Аваза миллий туристлик аймағында шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында Түркменстан Сыртқы ислер министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етти.

Бир күн алдын Анкарада Түркия ҳәм Түркменстан СИМ жоқары мәртебели ўәкиллери сиясий мәсләҳәтлесиў өткерди. Түркменстан делегациясына Министрлер Кабинети баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мамедов, Түркия делегациясына сыртқы ислер министри Мавлуд Чавушўғли басшылық еткен.

«Дипломатлар Авазада режеленип атырған Түркменстан-Әзербайжан-Түркия үш тәреплеме ушырасыўына таярлық процесин көрип шықты. Сөйлесиў жуўмағында бир қатар келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте», делинеди хабарда.

Саммит алдында Түркменстанда энергетика, транспорт ҳәм сыртқы ислер министрлериниң мәжилисин өткериў мөлшерленип атырғаны айтылады.

ӨзА