«Формула-1»де еки мәрте жеңимпаз болған Макс Ферстаппен, GQ журналы мағлыўматына бола , 2022-жылдың ең жақсы спортшысы деп тән алынды. Нидерландиялы автобәйгеши 16-ноябрь куни арнаўлы түрде сыйлықланды .
Бул мәўсимде Ферстаппен «Формула-1»деги хәрекетлери даўамында еки мәрте жеңиске ерискен .Итибарлы тәрепи ,ол усы жылдың өзинде 22 ден 18-басқышы — Япония Гран-присинде чемпионлықты еки мәрте белгиледи.
Red Bull Racing автобәйгеши мәўсим даўамында жеңимпазлар саны бойынша да — жәми 14 болып рекорд орнатты . Еслетип өтемиз оның бул рекорды — Михаэл Шумахер хәм Себастян Феттел (13 жеңимпаз )ди артта қалдырып кетти.
Хамре Қдырбаева ,
ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги