«Формула-1»де  еки мәрте жеңимпаз болған  Макс Ферстаппен, GQ журналы мағлыўматына бола , 2022-жылдың ең жақсы спортшысы деп  тән алынды. Нидерландиялы автобәйгеши 16-ноябрь куни арнаўлы түрде сыйлықланды  .

Бул мәўсимде Ферстаппен «Формула-1»деги хәрекетлери даўамында еки мәрте жеңиске ерискен .Итибарлы тәрепи ,ол усы жылдың өзинде 22 ден 18-басқышы  — Япония Гран-присинде чемпионлықты еки мәрте белгиледи.

Red Bull Racing автобәйгеши мәўсим даўамында жеңимпазлар  саны бойынша да — жәми 14 болып рекорд орнатты . Еслетип өтемиз оның бул рекорды — Михаэл Шумахер хәм Себастян Феттел (13 жеңимпаз )ди артта қалдырып кетти.

 

Хамре  Қдырбаева ,

ҚМУдың Интернет  журналистикасы тәлим  бағдарының 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги