Бул ҳаққында ТАСС мәлимлеме агентлиги жазбақта.

14-ноябрьде жәрияланған пәрманда сырт мәмлекетлердиң пуқаралығына ийе ямаса сырт елде жасаў ҳуқықына ийе болған Россия пуқаралары Россия қураллы күшлерине хызметке шақырылыўы мүмкин, делинген.

Шақырыў тийкарында  әскерий хызметти өтеў бойынша пәрманның жаңа редакциясына бола, Россия Федерациясының пуқарасы болған, соның менен бир ўақытта сырт ел пуқаралығына ийе, сондай-ақ, сырт елде жасаў ҳуқықына ийе ямаса сырт ел аймағында жасайтуғынын тастыйықлайтуғын басқа да қандайда бир ҳүжжети болған пуқаралар әскер, матрос, сержант ямаса старшина атағы менен хызмет етиўге шәртнама дүзиўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги