Адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў Миллий комисиясы тәрепинен мәмлекетимизде хызметкерлерди өзиниң функционал ўазыйпасына кирмейтуғын жумыс түрлерине, сондай-ақ, мәжбүрий мийнетке тартыў жағдайлары турақлы талланып барылмақта.
Усы жерде республикамызда пахта жыйын-терими мәўисиминде хызметкерлерди жыйын-терим жумысларына мәжбүрий тартыў сыяқлы унамсыз жағдайлар толық сапластырылғанын атап өтиў зәрүр.
Бирақ, айырым тармақларда хызметкерлерди өзиниң функционал ўазыйпасына кирмейтуғын жумысларға тартыў фактлериниң ушырасып атырғаны санаўлы болса да бар.
Усы жылдың 9 айы даўамында Миллий комиссияның ҳәрекети менен барлық тармақлар бойынша жәми 21 лаўазымлы шахс, атап айтқанда, халық билимлендириў системасындағы 9, медицина тараўындағы 5 лаўазымлы шахс хызметкерлерди мәжбүрий мийнетке тартқаны себепли Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң тийисли статьясына тийкарланып жуўапкершиликке тартылған.
Миллий комиссия бундай жағдайларды толық қаралайды ҳәм тек ғана Халық билимлендириўи ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрликлери емес, ал басқа да министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте хызметкерлердиң өз функционал ўазыйпаларынан басқа жумысларға тартылыўының алдын алыў бойынша зәрүр илажларды көрип барады.
Бул бойынша Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Мәмлекетлик мийнет инспекциясы хызметкерлердиң өз функционал ўазыйпаларынан басқа жумысларға тартылыў жағдайларын сапластырыў бойынша қадағалаўды күшейтиў, айыпкер лаўазымлы шахсларды нызамшылықта белгиленген тәртипте жуўапкершиликке тартыў жумысларын және де күшейтиўи зәрүр.
ӨзА