Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасында хызмет көрсеткен илим ғайраткери, профессор Кәримбай Қурамбаевтың туўылғанына 80 жыл толыўы мүнәсибети менен еслеў кешеси өткерилди.
«Әдебий байланыслар ҳәм халықлар дослығы» атамасындағы илажда Өзбекстан халық жазыўшысы, Қарақалпақстан халық шайыры, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, Қарақалпақстан халық шайыры, сенатор Г.Матёқубова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, пидайы илим ғайраткери, филология илимлериниң докторы, марҳум К.Қурамбаевтың билилендириў, илим тараўларындағы мийнетлерине кең түрде тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, ол әдебияттаныў илиминиң әҳмийетли тараўларынан бири болған миллий әдебиятлардың өз-ара байланыслары ҳәм дөретиўшилик тәсири мәселеси менен белсене шуғылланды. Бул бағдарда Қарақалпақстан, Өзбекстан, Түркменстан Республикаларының илимий журналларында оның 300 ден аслам мақалалары, бир қанша монографиялары жарық көрди. «Хидир Деряев», «Ўзбек-туркман адабий алоқалари», «Таржима ва таржимон маъсулияти»сыяқлы монографиялары «Фан», «Тафаккур» ҳәм тағы да басқа басылымларда басылып шықты. Қ.Қурамбаев өз ана тилинен тысқары, қарақалпақ ҳәм түркмен тиллеринде де дөретиўшилик етти. Оның Мақтумқулы дөретиўшилигине бағышланған мақалалары Түркменстанның орайлық газета ҳәм илимий журналларында, «Магтымгулы Гарагалпагыстанда» монографиясы түркмен тилинде шығарылды.
Қ.Қурамбаев бир қанша шөлкемлердиң ағзасы ҳәм белсенди қатнасыўшысы еди. Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының, «Илим ҳәм жәмийет», «Сәният», «Тамаддун нури» журналлары редакциясының редколлегия ағзасы сыпатында узақ жыллар даўамында нәтийжели мийнет етти.
– Илимпаз Омар Ҳаййям «Өмирде ҳәр бир нәрсениң жуўмағы барҮ муҳаббаттың, дослықтың, азаптың ақыры бар. Тек ғана бир нәрсениң –еслеўдиң ақыры жоқ» деген еди, -дейди институттың Өзбек әдебияты кафедрасы доценти, филология илимлериниң кандидаты Комилжон Ташанов. -Бүгинги еслеў кешесинде Қ.Қуранбаевтың ағыслы дәрьяға мегзес өмир жолы, оның әжайып, саўаплы ислери еске алынды. Ол өзиниң ана журтына ҳәм жасап атырған елине пидайы хызмет еткен инсан еди.
– Мен усы институтқа оқыўға киргенимде студентлик бахытын сезиниўимде, илим тараўының сырларын ашыўымда марҳум устазым Қ.Қурамбаевтың орны үлкен болды. Устаздың берген билимлери елеге шекем ядымда. Устазымыз сабаққа кирип келгенде студентлерди өзине қарата алатуғын еди. Сабақларына үлкен жуўапкершилик пенен қараўды талап ететуғын талапшаң, өз кәсибине пидайы инсан еди, -дейди институттың өзбек тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студенти Наргиза Сеттарова. – Қ.Қурамбаевтан биз – шәкиртлерине үлкен илимий мийрас турмыслық тәжирийбе, тәрбия қалды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.