G7 мәмлекетлери ҳәм Австралия Россия нефти ушын белгиленген баҳа енгизиўге шәртлесип алды, деп хабар бермекте Рейтер агентлиги.
«Коалиция (G7 ҳәм Австралия) белгиленген баҳаның ең жоқары дәрежесин келисип алды, ол турақлы түрде баҳалап барылады», делинеди агентлик хабарында.
Хабарда атап өтилиўинше, мәмлекетлер Россиядан экспорт етилип атырған нефть баҳасының өзгериўшең дәрежесинен ўаз кешеди. Баҳа дәрежесиниң ең соңғы шеклеўди ноябрьде белгилеў режелестирилмекте.
Россия энергоресурсларына баҳа белгилеў идеясы G7 мәмлекетлериниң саммитинде алға қойылған еди. Декабрьде нефть ушын, февраль айынан баслап болса нефть өнимлери ушын шеклеўлер күшке кириўи керек, бирақ газ бойынша бир тоқтамға келинген жоқ. АҚШ қаржы министри Жанет Йеллен Россия нефтиниң бир баррелине 60 доллар етип баҳа белгилеўди усыныс еткен еди.
Россия Президенти Владимир Путин бул идеяға түсиник берип, Москва егер мәплерге туўры келмесе, сырт елге ҳеш нәрсе экспорт етпейтуғынын мәлим еткен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги