Чехия Сыртқы ислер министрлиги 2023-жыл 1-январьдан баслап Аўғанстан пайтахтындағы елшиханасын усы мәмлекеттеги қәўипсизлик жағдай себепли жабыўға қарар етти. Бул ҳаққында СИМ баспасөз хызмети хабар берди.
«СИМ Аўғанстанда қәўипсизликти беккемлеў перспективаларын көрмей атыр ҳәм бул тараўдағы жағдайдың төменлеўи даўам етип атырғанын атап өтеди.
Мәмлекеттеги жағдай ҳәм еки тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги дәрежесин инабатқа алған ҳалда министрлик елшиханасының жабылыўын тийкарлы, деп есаплайды».
Қабулдағы дипломатиялық ўәкилханасының ўазыйпалары Пакистандағы Чехия елшиханасына өткериледи.
Соның менен бирге, Прага Аўғанстанға гуманитарлық жәрдем көрсетиўди даўам еттиреди, делинеди хабарда.
ӨзА