АҚШ әскерий ҳаўа күшлери усы айда Окинавадағы Кадена базасына көп мақсетли бесинши әўлад Raptor F-22 жаўынгерлик самолётларын алып өте баслайды. Олар гөнерген F-15 қырыўшы самолётларының орнын ийелейди. F-15 қырыўшы самолётлары модернизациялаў мақсетинде АҚШқа қайтарылады, деп жазбақта АҚШ қорғаныў министрлиги.
Ҳәзир Кадена базасына 50 усындай самолёт жайластырылған. Дәректе жазыўынша, бул самолётларды радарлар байқаўы қыйын ҳәм жаўынгерлик потенциалы да жоқары дәрежеде.
Кадена Қурама Штатлардың мәмлекет сыртындағы ең ири әскерий ҳаўа базасы болып табылады. Ҳаўа аэродромы барлық түрдеги, соның ишинде, стратегиялық бомбалаўшы самолётларды да қабыл ете алады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги