Мәжилис күн тәртибинен региондағы әҳмийетли мәселелер, Атап айтқанда, Ливия, Сирия ҳәм Ямандағы кризис, Палестина машқаласы, сондай-ақ, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, араб мәмлекетлери арасындағы қатнасықларды беккемлеў, араб экономикалық интеграцияласыўының тийкарғы ҳәм халықаралық бирге ислесиў шеңбериндеги жойбарларды әмелге асырыў додаланады.
Лигаға ағза мәмлекетлердиң басшылары үш жылдан берли биринши мәрте жүзбе-жүз ушырасатуғынын атап өтиў керек. Ақырғы саммит 2019-жылдың апрель айында Тунисте болып өткен еди. Оннан соң коронавирус пандемиясына байланыслы шеклеўлер себепли әнжуман өткерилмеген.
ӨзА