Усы жыл 25-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик байрамына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, ишки ислер уйымларының хызметкерлерин, ветеранларды бүгинги кәсиплик байрам менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, өзине тән жарасықлы форманы кийип, кең жәмийетшилик арасында ҳүрметке бөленип жүриў, халқымыздың исенимин ақлап, олардың тыныш-татыў ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, халқымызға, елимизге, Президентимизге садық хызмет етиў-булардың барлығы Ишки ислер тараўында хызмет атқарып атырған ҳәр бир инсан ушын үлкен бахыт есапланады. Мине усындай жуўапкершиликти терең сезинген ҳалда жынаятшылыққа ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў, жәмийетлик тәртипти ҳәм жол ҳәрекети қәўипсизлигин сақлаў, халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў жолындағы ийгиликли ислери жоқары баҳаланады.

 

 

 

 

Президентимиздиң айрықша итибары нәтийжесинде ишки ислер уйымларын реформалаў, оның жумыс нәтийжелилигин заманагөй талаплар дәрежесинде раўажландырыў, тараў хызметкерлери ушын  барлық мийнет шараятларын жаратыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул бойынша қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлар тараў хызметкерлеринен жаңаша пикирлеўди, халқымызға ҳәм ана Ўатанымызға садықлық пенен хызмет етиўди талап етпекте.

Соны айрықша атап өтиўимиз керек, Президентимиз тәрепинен усы жылдың 22-апрель күни «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти  тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўында ишки ислер уйымларының күшлерин басқарыўдың жаңа системасын енгизиў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Қарар тийкарында министрликтиң жол патруль ҳәм патрул-пост хызметине жаңа штат бирликлери ажыратылды, аймақлық басқарыў системасы енгизилип, ишки ислер бөлимлерин басқышпа-басқыш капитал оңлаў ҳәм қайта қурыў жумысларын алып барыў белгиленди.

Әмелге асырылып атырған бул жумыслар тийкарғы байлығымыз болған тынышлықты, миллетлер аралық дослықты сақлаўға, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўге қаратылғаны менен әҳмийетли.  Бул өз гезегинде тек ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң ғана емес, гүллән халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин беккемлеп, оларды ийгиликли ислерге руўхландырмақта.

Елимизде пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде минсиз хызмет атқарып киятырған тынышлық сақшыларының хызмети ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып келинбекте. Илажда бир топар тараў хызметкерлерине Қарақалпақстан Республикасының ҳүрметли атағы ҳәм көкирек белгилери, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрығы менен  көкирек белгиси, гезектеги арнаўлы дәрежелер, естелик қол сааты, Ҳүрмет жарлықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қатнасыўшыларға көркем өнер шеберлери ҳәм министрликтиң «Арал жулдызлары» ансамбли ағзаларының атқарыўындағы байрам концерти қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.