«РИА Новости» хабаршысы жазыўынша, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясы АҚШ тәрепинен Кубаға қарата қолланған шеклеў шарасы бийкарланыўын нәзерде тутыўшы 32-резолюцияны қабыллады.
Кубаға қарсы енгизилген экономикалық, коммерциялық ҳәм финанслық эмбарго тоқтатылыўы кереклиги ҳаққындағы ҳүжжетти 187 мәмлекет қоллап-қуўатлады. АҚШ ҳәм Израиль қарсы даўыс берди, Молдова бийтәреп қалды.
БМШ БА 1992-жылдан берли усы мазмундағы ҳүжжетлерди қабыл етип келеди ҳәм көпшилик ағза мәмлекетлер буны мақуллайды.
Гәп сонда, БМШ Қәўипсизлик кеңеси қарарларынан парықлы түрде, Бас Ассамблея резолюциялары юридикалық тәрептен мәжбүрий күшке ийе емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги