31-октябрь күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда 27-октябрь күни болып өткен сайлаўда жаңадан сайланған депутатларды дизимге алыў ҳәм басқа да мәселелер көрип шығылды.

Мәжилисте ОСК Баслығы З.Низомхўжаев Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўларда жәми 15 миллион 27 мың 529 сайлаўшы даўыс бергенин, бул сайлаўшылар улыўма санының 74,72 процентин қурайтуғынын атап өтти. Сондай-ақ, пуқараларымыздың сайлаўлар процесине қызығыўының сезилерли дәрежеде артқаны, бул сайлаўларға таярлық көриў ҳәм оны өткериўде анық сезилгенин атап өтти.

Мәжилисте Сайлаў кодексине муўапық, парламент төменги палатасына сайлаў жуўмақлары көрип шығылып, бир мандатлы сайлаў округлеринен сайланған 75 ҳәм сайлаў округинен партия дизими тийкарында сайланған 75, жәми 150 депутатлар дизимге алынды.

Атап өтилгениндей, бирден-бир сайлаў округи бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасына депутатлар сайлаўының нәтийжелери бойынша Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы – 26, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы – 14, Өзбекстан Экологиялық партиясы – 10, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы – 13, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы – 12 депутатлық орнына ийе болды.

Бир мандатлы сайлаў округлери бойынша болса ӨзЛидеПтен – 38, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан – 15, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан – 9, Өзбекстан «Халық демократиялық партиясынан – 7, Өзбекстан Экологиялық партиясынан – 6 талабан депутат етип сайланды.

Депутатлыққа талабанларға ҳәм партияларға берилген даўыслар бойынша Нызамшылық палатасына сайланған жәми 150 депутатлар қурамының партиялық тийислилиги төмендегише:

Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан – 64 орын ямаса 42,7 процент;

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демокартиялық партиясынан – 29 орын ямаса 19,3 процент;

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясынан – 21 орын ямаса 14 процент;

Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан – 20 орын ямаса 13,3 процент;

Өзбекстан Экологиялық партиясынан – 16 ямаса 10,7 процент орын ийеледи.










Атап өтилгениндей, Нызамшылық палатасына сайлаў нәтийжелерине бола, парламент төменги палатсының қурамы дерлик 60 процентке жаңаланды. Сайланған депутатлардың 38 процентин ҳаял-қызлар қурап, бул Өзбекстан тарийхында ең жоқары көрсеткиш болып есапланады. Депутатлардың барлығы жоқары мағлыўматлы болып, олардың 15 проценти сырт еллерде оқыған, 35 проценти илимий дәрежеге ийе.

Биринши мәрте 3 майыплығы бар шахслар депутат етип сайланды.

Аймақлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен де жергиликли Кеңеслер сайлаўларының жуўмақлары шығарылды. Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық, Ташкент қалалық ҳәм район (қала)лық Кеңеслерине сайлаў нәтийжелерине бола, жергиликли Кеңеслер қурамы 59,2 процентке жаңаланды. Жаңадан сайланған депутатлардың 32,6 проценти ҳаял-қызларды қурады.

Депутатлардың 4 проценти – 30 жасқа шекемги, 39,5 проценти – 30 жастан 45 жасқа шекемги, 40,8 проценти – 45 жастан 60 жасқа шекемги, 15,7 проценти – 60 жастан үлкенлерди қурайды.

Мәмлекетимизде жасап атырған басқа миллет ўәкиллери сайланған талабанлардың 11,2 процентин қурайды. Соның ишинде, олардан 175и тәжик, 111и қазақ, 33и түркмен, 29ы рус, 21и қырғыз ҳәм басқа да миллетке тийисли.

Депутатлардың 93,3 проценти жоқары мағлыўматлы болып олардың 36,2 процентин – педагоглар, 18,2 процентин – экономистлер, 13 процентин – инженерлер, 7,6 процентин – шыпакерлер, 5 процентин – ҳуқықтаныўшылар, 20 процентин – мәденият тараўының ўәкиллери, исбилермен ҳәм фермерлер қурайды. 138 майыплығы бар шахслар жергиликли Кеңеслер депутаты етип сайланды.

Сондай-ақ, мәжилисте Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенаты ағзасының Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеси депутатының гүўалығы ҳәм көкирек белгиси ҳаққындағы режени тастыйықлаўға байланыслы мәселелер көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы