Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында  Наўайы ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпалары бойынша мәжилис болып өтпекте.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысы ең дәслеп 27-октябрьда мәмлекетимизде болып өткен парламент сайлаўы бағдарындағы пикирлерин айтты.

–Мәмлекетимиз демократиялық раўажланыўдың жаңа дәўирине, сапа жағынан жаңа басқышқа қәдем қоймақта. Бир барлық буўындағы депутатларымыз тымсалында мойнындағы жуўапкершиликти терең аңлайтуғын, Жаңа Өзбекстанды қурыў, халқымыздың еркин ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў жолында өзин аямастан тынымсыз ҳәрекет ететуғын, бар билим ҳәм тәжирийбесин Ўатанның раўажланыўы ушын жумсайтуғын пидайы инсанларды көз алдымызға келтиремиз.

Партиялар ҳәм депутатлыққа талабанлардың сайлаўалды бағдарламаларында пуқараларымыздың әрман-тилеклери, дәрти, тәшўишлери, машқалаларды шешиў жоллары өз көринисин тапқанын айрықша атап өтиў керек.

Хылқымыз сизлердиң жаңа идея ҳәм басламаңызға үлкен үмит ҳәм исеним менен қарамақта. Ел-журтымыз жаңа парламент ҳәм жергиликли кеңеслер ағзаларынан көп нәрсени күтпекте, – деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы әне усындай абырайлы ҳәм ийгиликли ўазыйпаларды атқарыўда халық ўәкиллерине күш-ғайрат, табыс ҳәм әўмет яр болыўын тиледи.

ӨзА