Венесуэланың Арагу штатында қутқарыў топары тасқын ҳәм топырақ көшкен жерден 43 адамның денесин тапты, деп хабар берди мәмлекеттиң вице-президенти Делси Родригес.
Бурын Венесуэла президенти Николас Мадуро 39 адам қурбан болғаны ҳаққында мәлим еткен еди.
«Қурбан болғанлар саны 43 ке жетти, излеў ислери тоқтаған жоқ» – деген Родригес VTV телеканалы эфирине шығып.
Венесуэлада даўам етип атырған күшли даўыл Кариб теңизи арқалы өтип атырған «Жулия» даўалы себепли жүзеге келген. Екшемби күни күшли суў ҳәм таў жынысларының ағысы Лас-Техериас районын басқан. Ағыс үйлерди ўайран еткен, дәрьялардың жағасынан тасып, аўыл хожалығына да зыян жеткерген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги