Нөкис районы ҳәкиминиң инвестициялар, инновациялар, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм киши санаат зоналары және туризмди раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына Оразбаев Адилбек Кеўлимжаевич тайынланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий веб-сайты хабар бермекте.
Бул тайынлаў Қарақалпақстан Республикасы Конститутциясы 81-статьясының 6-бәнти ҳәм «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 18-статьясына муўапық әмелге асырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги