Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланып пайтахтымыздағы Ашық театрда өткерилген «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» атамасындағы театрластырылған әдебий, музыкалы-хореографиялық байрам салтанатынан репортаж
Соңғы жыллары елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы республикамызда да кең көлемли реформалар әмелге асырылып, халқымыздың ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылмақта. Президентимиздиң усы жыл 1-августтағы «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыз бойлап кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды.
Быйылғы жылғы байрамның «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз» сүрени астында өткерилиўинде де терең мәни бар. Инсан қәдир-қымбаты, абырайы ҳәм ар-намысын алдыңғы орынға алып шығыў әҳмийетли ўазыйпаға айланған елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислер биринши гезекте халқымыздың мәпи, оның бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын әмелге асырылмақта. Ҳәр жылдағыдай, быйылғы жылы да байрам алдынан бир қатар өндирислик, социаллық-мәдений объектлер пайдаланыўға тапсырылды.
Пайтахтымыздағы Ашық театр, оның әтирапы елимиз ғәрезсизлигин, халқымызды, халықлар дослығын улығлаўшы шақырық-сүренлер, инсанға заўық бағышлайтуғын рәңбәрең гүллер, түрли реңдеги жақтыландырыўшы шырақлар менен безелген.
Шақырық сазы менен байрам салтанаты басланып, қутлықлаў ушын сөз Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевқа берилди.
Республикамыз басшысы жыйналғанларды, гүллән халқымызды елимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ғәрезсизлик байрамы ҳәр жылы пүткил елимиз бойлап өзгеше қуўаныш, айрықша салтанат пенен белгиленип келинбекте. Себеби, елимизде инсан ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў, жасларымыз бенен ҳаял-қызларымызды, нуранийларымыз ҳәм социаллық жәрдемге мүтәж инсанларды қоллап-қуўатлаў, халқымыздың бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс дәрежеси менен сапасын жақсылаў, исбилерменликти раўажландырыў сыяқлы мәселелер мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарынан саналады.
Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған ҳәр бир сапарын елимизге келген үлкен бахыт, мол берекет ҳәм шексиз дәўлет сыпатында айрықша қуўаныш пенен қарсы алмақта.
Жақында ғана Президентимиз республикамызда болып, депутатлар ҳәм белсендилер менен өткерген ушырасыўларда бир қатар жуўапкерли ўазыйпаларды жүклеў менен бирге, халқымыздың тарийхында бурын болмаған көплеген имканиятларды жаратып берди.
Атап айтқанда, Қарақалпақстандағы жас исбилерменлерге 7 жылға шекем мүддетли жеңиллетилген шәртлерде ссудалар ажыратыўды жолға қойыў, тек ғана республикамыздың жаслары ушын 6500 қабыллаў квотасын енгизиў, экология, аўыл хожалығы, ирригация, қурылыс тараўларында таяныш докторантурада қосымша қәнигелер таярлаў, усы жыл 15-сентябрьден баслап пенсия ҳәм напақа алыўшылар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир-жол, авиа билетлер сатып алыў ушын 50 процентлик жеңилликлерди тиклеў, 2025-жылға шекем қосымша қун салығы бойынша режеден арттырып орынлаған түсимлерди республикамыздың бюджетинде қалдырыў, мектепке шекемги билимлендириў, улыўма билим бериў, медицина мәкемелериниң қурылысына келеси бес жылда қосымша 5 триллион сум ажыратыў ўазыйпасы белгилеп берилди.
Буннан басқа, автомобиль жолларын реконстукциялаў, суў тармақларын қурыў, қала ҳәм районлардағы ишки жолларды оңлаў участкаларын шөлкемлестириў, исбилерменлерге экспортқа өним шығарыў ушын транспорт қәрежетлерин қаплаў бойынша бес жыл мүддетке, пайда салығы ставкаларынан жеңиллик бериў, мүлк ҳәм жер салығы ставкаларын еки есеге азайтыў, шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бойынша қосымша қаржы ажыратыў, Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларын абаданластырыў ҳәм басқа да бир қатар жумыслар әмелге асырылады.
Буннан соң Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жыйналғанлар қолларын көксине қойып, ғәрезсизлик қосығын биргеликте атқарды.
Нама фонында бул жерде орнатылған монитор арқалы Президентимиздиң басшылығында ғәрезсизлик жылларында қолға киргизилген табыслар, республикамызда, соның ишинде, Мойнақ районында бүгинги күнде әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс жумыслары ҳәр бир қатнасыўшыда айрықша қуўаныш және мақтаныш сезимлерин пайда етти.
Мәмлекетимизде 2022-жыл Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы деп жәрияланды. Усы жылы барлық дәреклер есабынан алдыңғы жылға салыстырғанда көп инвестицияларды өзлестириў бойынша шеклер қойылған. Өйткени, инвестициялар экономиканың турақлылығын арттырады, жаңа қуўатлылықларды иске түсириў есабынан жетекши тараўларды раўажландырыўды тәмийинлейди.
Халқымыздың турмыс сапасын арттырыў, аўылларды абаданластырыў избе-из даўам етпекте. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында 34 мәҳәллениң инфрастурктурасын раўажландырыў ушын 68 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылмақта. Бүгинги күнге шекем Нөкис қаласындағы Жаңабазар, Әмиўдәрья, Жуўазшы, Телеорай, Қоскөл, Бозаўыл сыяқлы 15 мәҳәлледе кең көлемли абаданластырыў жумыслары жүргизилип, халқымыздың турмыс шараяты жақсыланбақта.
Байрам тамашалары «Ниҳол» сыйлығының лауреаты Наўрызбек Мухаммедияровтың атқарыўындағы «Ўатан» қосығы менен басланды. Буннан кейин ғәрезсизлик, азат ҳәм ана Ўатанды жырлайтуғын қосықлар жаңлады. Балалардың кеўилли шығыўлары ҳәммеге қуўаныш бағышлады. Арқа-батыс әскерий округи әскерлери, балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплери оқыўшыларының атқарыўындағы қосық ҳәм аяқ ойынлар кеўиллерге үлкен заўық бағышлады.
Республикамызда түрли миллет ўәкиллери бир шаңарақ ағзаларындай беккем аўызбиршиликте жасап ҳәм мийнет етип келмекте. Илажда рус, корейс, қазақ, түркмен ҳәм украин халықларының миллий қосықлары шеберлик пенен атқарылды.
Байрам тамашасы «Мустақиллиқ қуяшы» көркем композициясы менен жуўмақланды.
-Соңғы жыллары республикамызда әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары халқымызды айрықша қуўанышқа бөлемекте,-дейди Нөкис қалалық Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының орынбасары, «Дўстлик» ордениниң ийеси Караматдин Қәлендеров.-Тек ғана Нөкис қаласындағы мәкан пуқаралар жыйынларында әсирге татырлық ислер әмелге асырылмақта. Буның барлығы Президентимиздиң Қарақалпақстанға деген айрықша итибары және ғамқорлығының әмелдеги көриниси болып табылады.
Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 31 жыллығына бағышланған бундай илажлар республикамыздың барлық районлары ҳәм аўыллары бойлап даўам етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.