Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-февраль күни видеоселектор мәжилиси өткерилди. Онда шет елли туристлердиң ағымын көбейтиў ҳәм ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў, туристлик хызметлерин жақсылаў ҳәм хызметлерди кеңейтиў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги сын көзқарастан талқыланды.
Елимиз туризм тараўында үлкен потенциалға ийе бола турып, узақ жыллар бул имканияттан толық ҳәм нәтийжели пайдаланылмады. Туризмниң раўажланыўы ушын қолайлы экономикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик – ҳуқықый шараятлар жаратылмады, ҳәмме өз билгенинше жумыс алып барды.
Мәмлекетимиз басшысының 2016-жыл 2-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының туризм тараўын жедел раўажландырыўды тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, туризм елимиз экономикасының стратегиялық тармағы сыпатында белгиленди. Президенттиң 2017-жыл 16-августтағы қарары менен 2018-2019-жылларда туризм тараўын раўажландырыў бойынша биринши гезектеги илажлар бағдарламасы тастыйықланды.
Усы жылдың февраль айының өзинде Президенттиң бул тараўға байланыслы 4 әҳмийетли ҳүжжети қабыл етилгени мәмлекетимиздиң туризмниң раўажланыўына жоқары итибарынан дәрек береди. Бул ҳүжжетлер менен тараўда топланып қалған машқалаларды шешиў, туризм потенциалын арттырыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди, ишки туризмди буннан былай да раўажландырыўға көплеген жеңилликлер берилди.
Шавкат Мирзиёев туризмниң экономикадағы орнын айрықша атап өтип, елимизде бул бағдардағы жағдайды ҳәм тараўды раўажландырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилигин бирме-бир талқылады.
Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитет ҳәм оның регионаллық структуралары штат бирликлериниң көбейтилгени, аймақларда туризм департаментлери ҳәм басқармалары, ҳәким орынбасарлары лаўазымлары шөлкемлестирилгени бул шөлкемлердиң имканиятларын кеңейтти.
Усы жылдың 10-февралынан баслап Япония, Қубла Корея, Сингапур, Малайзия, Индонезия, Түркия ҳәм Израилдан келип атырған туристлерге елимизде 30 күнге шекем визасыз болыўға руқсат берилди. Буннан тысқары, 39 елдиң пуқараларына виза бериў тәртиби жеңиллетилди. 2018-жыл 1-июльден баслап электрон визалар енгизиледи.
Мәжилисте электрон виза системасын белгиленген мүддетте толық иске түсириў, дүнья тәжирийбесин үйренген ҳалда бул системаны буннан былай да әпиўайыластырыў ҳәм шет елли туристлердиң келиў тәртибин турақлы жеңиллетип барыў бойынша тапсырмалар берилди.
Туристлер елимизге келгеннен соң жасаў орны бойынша 3 күн ишинде дизимнен өтиўи зәрүрлиги оларға қолайсызлық туўдырып атырғаны атап өтилди. Туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳуқық қорғаў уйымларының ўазыйпасы болыўы кереклиги атап өтилди.
Турист саяхат етиўи, ишки ислер уйымларында сергиздан болмаўы керек. Егер биз туризмниң есабынан жумыс орынларын ашамыз десек, туристке шәрт қойыў емес, ал шараят жаратыўымыз зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.
Сонлықтан дизимге алыў системасын толық электрон тәризге өткериў, бул мәселени ишки ислер уйымлары, мийманханалар, емлеў мәкемелери, жеке меншик үйлер ҳәм сол сыяқлы орналастырыўшы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың миннетлемелери сыпатында белгилеў, туристлерди бундай тәшўиштен қутқарыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте 2017-жыл Өзбекстанға дерлик 2 миллион 700 мың турист келгени айтылды. Бул көрсеткиш сапа жағынан талқыланып, туўысқанларын көриў, емлениў, оқыў ямаса саўда сыяқлы мақсетлерде келип атырғанлар көпшиликти қурайтуғыны атап өтилди.
Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетине тийисли министрлик ҳәм ведомстволар менен биргеликте, туризмниң барлық перспективалы бағдарларында туристлердиң санын көбейтиў, туризм хызметлериниң реал экспортын 5 жыл ишинде кеминде еки есеге арттырыў ўазыйпасы қойылды.
Туризм потенциалын арттырыўда авиақатнаўлардың тутқан орнына айрықша итибар қаратылды.
Жәҳән туризм шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, дүнья бойлап туристлердиң дерлик 60 проценти ең қымбат болыўына қарамастан, ҳаўа транспортынан пайдаланады.
«Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясының бул бағдардағы төмен көрсеткиши қатты сынға алынды. Авиабилетлердиң баҳасын оптималластырыў, жаңа рейслер ашыў, транзит жолаўшыларды тасыў имканиятын арттырыў ҳәм авиақатнаўлар географиясын кеңейтиў бойынша нәтийжели жумыс алып барылмай атыр.
Соннан келип шығып «Өзбекстан ҳаўа жоллары» миллий авиакомпаниясының алдына бир қатар ўазыйпалар қойылды. Оларға муўапық, авиакомпания системасына заманагөй маркетинг енгизиледи, дүнья аэропортларында бар болған арнаўлы қурылмалар, мобиль байланыс қураллары жәрдеминде авиабилет сатып алыў имканиятлары жаратылады.
Шет ел тәжирийбесин үйрениў тийкарында «Қаршы» аэропортында «Ашық аспан» режими енгизилип, туристлерге кең еркинлик жаратылмақта. Келешекте бундай система Әндижан, Нөкис ҳәм Наўайы аэропортларында да қолланылады.
Мәжилисте атап өтилгениндей, 30 күнге шекем виза алыў бийкар етилгенинен кейин еки күн ишинде Израилдан Өзбекстанға келиў ушын июнь айына шекемги болған авиабилетлер сатып болынған. Сонлықтан виза режими бийкар болған мәмлекетлерден қатнаўлар саны көбейтиледи, Ташкент қаласынан тысқары Бухара, Самарқанд, Үргенш, Наўайы ҳәм Қаршы қалаларына да тиккелей рейслер ашылады.
Президент туристлердиң кейпиятына тәсир ететуғын ең майда мәселерлерге шекем итибар қаратты. Аэропортлар залларындағы шырақлар жақтысының төмендеги, паспорт қадағалаўы кабиналары толық ислемейтуғыны, узыннан-узақ жасалма гезеклер, такси хызметин көрсетиўши жеке автомобиль ийелериниң тәртипсизлиги сыяқлы жағдайларды жақсылаў бойынша да тапсырмалар берди.
Туризмде мәўсимлик дәўирди созыў, көрсетилетуғын хызмет түрлерин көбейтиў ҳәм туризм инфраструктурасын жақсылаў мәселелери додаланып, мийманханалардың тийкарғы бөлеги Ташкент, Бухара ҳәм Самарқанд қалаларында екени, туристлер ағымы көбейген дәўирде оларда да орын жетиспеўшилиги атап өтилди. Мийманханаларды көбейтиў, соның менен бирге бул бағдарда жеке орналастырыў объектлери ҳәм қонақ жайларын шөлкемлестириў, исбилерменлерге жер ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди. Туристлер баратуғын орынлар ҳәм автомагистрал жоллары бойында санитариялық-гигиеналық, шақапшаларды көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәдений мийрас объектлерине кириў системасын жетилистириў, турникетлер, видеокамералар ҳәм жол көрсеткишлерди орнатыў, мәлимлеме орайларын шөлкемлестирип, оларда туристлерди қызықтыратуғын барлық хызметлерди жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте жаңа хызмет ҳәм саўдалар шөлкемлестириў арқалы валюта түсимин көбейтиў мәселесине айрықша әҳмийет берилди. Атап айтқанда, сувенирлер ислеп шығарыў ҳәм оларды арнаўлы киоскаларда сатыў, аэропортларда жумыс алып баратуғын «D756 F433», «5ax F433» системасындағы саўда шақапшаларын туристлик қалаларда да ашыў, исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда автомобиль ижарасы орайларын ҳәм 28-F8 зоналар шөлкемлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Әййемги қалаларда күни-түни ислейтуғын туристлик аймақлар, «Әййемги Бухара» ҳәм «Самарқанд сити» туристлик зоналарын шөлкемлестириў бойынша алып барылып атырған жумыслар бойынша жуўапкерлердиң есаплары тыңланды.
Видеоселектор мәжилисинде ишки туризмди раўжландырыў мәселелери де додаланды.
Халқымыз, әсиресе, мәҳәлле белсендилери, нуранийлер, жаслар ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар ўәкиллериниң елимиз аймақларына саяхатларын дәстүрге айландырыў, шөлкемлердиң кәсиплик аўқамлары қаржыларында саяхат ушын қәрежетлер үлесин көбейтиў бойынша усыныслар берилди.
Зыярат етиў туризми бойынша елимиздиң потенциалы жүдә жоқары. Бул бағдарда зәрүр қолайлықлар жаратыў мақсетинде Дин ислери бойынша комитет қурамында Зыярат етиў туризмин қоллап-қуўатлаў бөлими шөлкемлестирилди, Малайзия, Түркия, Индонезия сыяқлы мәмлекетлер ушын визасыз режим енгизилди.
Мәжилисте бул бағдардағы имканиятлардан толық пайдаланылмай атырғаны, бир қатар зыярат етиў орынлары қараўсыз жағдайда екени атап өтилди.
Елимизде ислам дүньясында тән алынған ойшыллардың мавзолейлери, теберик орынлар көп, деди Шавкат Мирзиёев. Мәселен, түрли ўәлаятларда Нақшбандия тәлийматын үгит-нәсиятлаған 12 уламаның қәбири бар. Биз ҳәзир олардың 8 ин, яғный Бухарадағы «Жети пир» ҳәм Самарқандтағы «Хужа Аҳрар Валий» зыярат етиў орынларын абаданластырып атырмыз. Бирақ Сурқандәрьядағы Муҳаммад Заҳид Бухарий, Алаўиддин Аттор ҳәм Қашқадәрьядағы Муҳаммад Дарвеш, Муҳаммад Имганакий мавзолейлери оңлаўға мүтәж.
Соннан келип шығып, Сурхандәрья ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары ҳәкимлерине бул зыярат етиў орынларын абаданластырыў, оларға баратуғын жоллардың жағдайын жақсылаў, зыяратшылар ушын барлық шараятлар жаратыў бойынша тапсырмалар берилди.
Өзбекстан туризм брендин шет елде үгит-нәсиятлаў мәселеси де додаланды.
Елимиздиң инвестиция, саўда ҳәм туризм потенциалын өз-ара муўапықластырып, бирден-бир бренд астында реклама етиў зәрүрлиги атап өтилди. Миллий телерадиокомпания ҳәм Мәлимлеме технологияларын ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине Өзбекстанның туризм потенциалын күни-түни үгит-нәсиятлайтуғын саяхатқа байланыслы түрли қызықлы көрсетиўлер көрсетип баратуғын халықаралық телеканал шөлкемлестириў ўазыйпасы жүкленди.
Шет еллердеги елшилер елимиздиң, миллий қәдриятларымыздың үгит-нәсиятлаўшылары болыўы, буған шет елдеги ўатанласларымыз да үлес қосыўы зәрүрлиги атап өтилди. Туризмниң раўажланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыўға байланыслы әҳмийетли бағдарлар белгилеп берилди.
Тараў жуўапкерлериниң, елимиздиң шет еллердеги елшиханаларының ҳәм орынлардағы басшыларының есаплары тыңланды.
ӨзА