Усы күнлерде Қарақалпақстанда 2022-жыл июль айында жүз берген жағдайлар ҳәм ўақыяларды үйрениў бойынша Комиссия ағзалары топарларға бөлинген ҳалда үйрениўлер алып бармақта.
Атап айтқанда, комиссия ағзалары болып өткен ўақыялардан жәбир көрген пуқаралар – Бухара ўәлаяты Ғиждиўан районында жасайтуғын Умид Муҳамедов ҳәм Искандар Икрамовлар менен ушырасып, олардың мүрәжатларын көрип шықты. Белгили болғанындай, оларға тийисли болған автомашина болып өткен ўақыялардың ақыбетинде жанып кеткен. Автомашинаның жағдайы ўақыя жүз берген орынға барған ҳалда үйренилди.
Сондай-ақ, комиссия ағзалары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәкимшилик имаратына өткериў пунктинде хызмет етип атырған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери менен сәўбетлесиў өткерилди. Үйрениўлер процесинде хызмет етип атырған ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери Қарақалпақстанда жүз берген ўақыялар ўақтында әмелге асырылған ҳәрекетлер, тәртипсизликлерди сапластырыў бойынша исленген илажлар ҳаққында толық айтып берди.
Буннан тысқары, комиссия ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары менен сөйлести. Депутатлар менен елимизде әмелге асырылып атырған Конституциялық реформалар бойынша халықтың хабардарлығы, бул тәртипсизликлердиң келип шығыў себеплери ҳаққында пикир алысылды.
Комиссия ағзалары сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәкимшилик имараты ҳәм аймақ қәўипсизлигин тәмийинлеўшилер ҳәм бул ўақыялар болған күни хызметте болған хызметкерлер менен ушырасты. Сөйлесиў даўамында Қарақалпақстанда жүз берген ўақыялар ўақтында хызметкерлер тәрепинен әмелге асырылған ҳәрекетлер, көрилген илажлар ҳаққында мағлыўматлар алынды.
Комиссия ағзаларының үйрениўлери даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги