«Microsoft» тийкарын салыўшысы, дүняның ең бай инсанларынан бири болған Билл Гейтс өзи оқыған 5 ең жақсы китапты басқаларға да усыныс етпекте. Оқып шығың, ҳеш қашан өкинбейсиз!
- «Америка некеси» (An American marriage), Таяри Жонс
Бул романды Билл Гейтске қызы Женн усыныс еткен. Шығарма АҚШ қубласында жасайтуғын афроамерикалылар жуплығы, әдалатсызлық себепли бузылып баратырған шаңарақ ҳаққында.
«Роман темасы жүдә терең ойланыўға мәжбүр етеди. Рой ҳәм Селестина муҳаббатының аянышлы тәғдири мени қатты тәсирлендирди», — деп жазады Билл Гейтс.
- «Бул ҳақыйқатлар: Қурама Штатлар тарийхы» (These truths a History of the United States), Жилл Лепор
Гарвардлы тарийхшы ҳәм нью-йорклы журналист Жилл Лепор тәрепинен жазылған ҳәм АҚШтың жәми тарийхын өз ишине алған бул китап 800 беттен ибарат. Гейтстиң айтыўына қарағанда, Америка тарийхы ҳаққында елеге шекем буншелли дәрежеде ҳадаллық ҳәм ҳүждан менен жазылған шығарманы ушыратпаған екен.
- «θсиў» (Growth), Ватслав Смил
Цҳех-канадалы профессор Ватслав Смил — Гейтстиң сүйикли авторларынан бири, сол себепли оның ҳәр бир жаңа китабы шығыўын сабырсызлық пенен күтеди. Заманымыздың ең күшли дөретиўшилеринен бириниң 39-китабы да Гейтсти қуўандырды. Тәбийий ҳәм жасалма дүньяда өсиў моделлерине арналған шығарманы Гейтс әжайып синтез деп атап өтип, китап ҳәмме ушын да емес (айырым жерлери сабақлық ямаса техникалық қолланбаны еслетеди), деген пикирин билдиреди.
- «Таярсыз ба: толық өмир ушын балаларға не керек» (Prepared: What kids need for a Fulfilled life), Диана Тавеннер
«Ең жақсы мектеп системаларынан бири»ниң тийкарын салыўшысы Диана Тавеннердиң бул қолланбасы мектепти питкерген балаларды үлкен өмирге қалай таярлаў ҳаққында. Китаптағы тийкарғы белгилерден бири, ата-аналар балаларына тек ғана колледжге қалай кириўди емес, ал қалай бахытлы жасаўды да үйретиўи керек.
- «Неге биз уйқылаймыз. Уйқы ҳәм түслер ҳаққындағы жаңа пән» (Why we sleep), Меттю Уолкер
Гейтс инсанның минез-қулқы ҳаққында өзи оқыған китаплар арасында, мине, усыны ең қызығы деп есаплайды. Бул китапты оған қызы Женн ҳәм америкалы қаржы ийеси Жон Дойерр усыныс еткен. Усы китапты оқып болғаннан кейин Гейтс жақсырақ уйқылаў ушын кешки әдетлерин өзгерткенин айтады.
Азизбек Дабылов,
ҚМУдың Журналистика тәлим бағдары 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги