Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 15-февраль күни елимизде әмелий сапар менен болып атырған АҚШ тың «Женерал-электрик» компаниясының вице-президенти Рональд Жеймс Поллетти қабыллады.

«Женерал-электрик» компаниясы дүньяның көп тармақлы жетекши корпорацияларынан бири. Бүгинги күнде энергетика, машина қурылысы, анық үскене қурылысы, электр техникасы, автоматластырылған басқарыў системалары, заманагөй медицина технологиялары, қаржы ҳәм басқа да көплеген тараўларда жумыс алып барады.

Компания дүньяның 180 нен аслам елинде жумыс алып бармақта, оның кәрханаларында 300 мыңнан зыят адам мийнет етеди. Өткен жылдың жуўмақларына бола, компания 120 миллиард доллардан аслам дәрамат алған.

Ушырасыўда «Женерал-электрик» компаниясының елимиздеги жумысы кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгинги күнде Өзбекистанда энергетика инфраструктурасы объектлерин модернизациялаў, соның ишинде, Тақыятас ыссылық электр станциясында заманагөй пуў-газ қурылмаларын қурыў, Ташкент ыссылық электр станциясы қуўатлықларын кеңейтиўдиң екинши бсқышын әмелге асырыў, Пском гидроэлектр станциясын қурыў, газ жеткериў системасын раўажландырыў бойынша бир қатар тийкарғы жойбарлар, сондай-ақ, пуқаралық авиациясы ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларында бирликтеги бағдарламалар ислеп шығылмақта ҳәм әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы энергетика тармағындағы өз-ара пайдалы технологиялық шерикликти ҳәм өндирис кооперациясы тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти.

Елимизде, соның ишинде, шет елдиң жетекши қәнигелерин ҳәм экспертлерин тарта отырып, жоқары маман кадрларды таярлаў тараўындағы бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Рональд Жеймс Поллетт Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ҳәм жоқары технологиялы тармақларда еки тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы жойбарлар менен бағдарламаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлағаны ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Ол «Женерал-электрик» компаниясы елимиздиң кәрханалары ҳәм шөлкемлери менен узақ мүддетли ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға таяр екенин атап өтти.

ӨзА