Олий Мажлис Нызамшылық палатасының бүгинги болып өткен мәжилисинде «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Усынылып атырған нызам жойбарының мақсети – көшелер, шосселер, мәҳәллелер, майданлар, бағларға ҳәм елатлы пунктлердиң басқа да қурамындағы бөлимлерине айырым адамлардың, жәмийетлик ҳәм сиясий ғайраткерлердиң исмин бериўди тәртипке салыўдан ибарат.
Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасының «Географиялық объектлердиң атамалары ҳаққында»ғы нызамында географиялық объектлерге атама бериўде жергиликли халықтың пикирин есапқа алыў белгиленген. Бирақ әмелдеги нызамшылықта халықтың пикирин есапқа алыў, соның ишинде, пуқаралар тәрепинен географиялық объектлерге атама бериў басламаларын алға қойыў тәртиби нәзерде тутылмаған.
Сондай-ақ, қурамында районлар болған қалаларда (Ташкент, Наманган ҳәм Әндижан) географиялық объектлерге атама бериў ўәкиллиги районлық Кеңеслерге берилгени усы бағдардағы жумысты нәтийжели муўапықластырыў ҳәм нызамшылық ҳүжжетлериниң анық бирдей қолланылыўын тәмийинлеўге тосқынлық етпекте.
Депутатлардың айтыўынша, нызам жойбарының қабыл етилиўи арқалы географиялық объектлерге атама бериў ҳәм оладың атамасын өзгертиў ҳаққындағы усынысларды таярлаў процесинде бул географиялық объект жайласқан аймақта жасайтуғын жергиликли халықтың пикири есапқа алынады.
Сондай-ақ, «Исбилерменлик субъектлериниң нызамлы мәплерин қорғаў системасы ҳәм шәртнама қатнасықларының жетилистирилгени мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары да екинши оқылыўда көрип шығылып, қабыл етилди.
Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы